Өзбекстан техникалық тәртипке салыўда халықаралық дәрежеде тән алынды

14

Өзбекстан илимий-сынаў ҳәм сапа қадағалаў орайы IQNet халықаралық сертификатлаў тармағында ассоциацияланған ағза статусына ийе болды. Бул елимизде енгизилген менеджмент системаларының халықаралық майданда тән алыныўы ҳәм экспорт потенциалының артыўында әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Бул статус орайға IQNet жумысында кең көлемли қатнасыў, халықаралық тәжирийбе алмасыў ҳәм бирге ислесиў имканиятларын кеңейтиў имканиятын береди.

IQNet халықаралық сертификатластырыў шөлкеми 1990-жылы шөлкемлестирилген болып, 36 жетекши менеджмент системалары сертификатластырыў уйымларын бирлестиреди. 150 ден аслам мәмлекетте 310 мыңнан аслам сертификат рәсмийлестирилген. Бул дүньяның дерлик 30 процент базарын қамтып алмақта.

IQNet ағзалары қатарында Испания, Франция, Германия, Япония, Қытай, Корея, Түркия, Швейцария ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлердиң абырайлы сертификатластырыў уйымлары бар. Сондай-ақ, тармақ 30 дан аслам тилде аудит өткериў имканиятына ийе 17 мыңнан аслам халықаралық аудитор ҳәм экспертлерден ибарат.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, IQNet тармағына ағза болыў Өзбекстанда енгизилген басқарыў системаларының экспорт базарларында тән алыныўын тәмийинлейди. Мәмлекеттиң глобаллық сапа индексиндеги орнын арттырады ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес маман кадрлар таярлаўға хызмет етеди. Сондай-ақ, бул ағзалық саўда байланысларын раўажландырыў ҳәм қарыйдарлардың исенимин арттырыўда да айрықша әҳмийетке ийе.

Ш.Маматуропова,

ӨзА