Мәртлик ҳәм садықлық тымсалы: Ўатан қорғаўшылары менен ушырасыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 1-декабрьдеги 70-санлы бийлиги менен тастыйықланған «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни байрамына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында»ғы бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Мениң әкем – Ўатан қорғаўшысы” атамасында руўхый-ағартыўшылық кешеси болып өтти.
Кешеде Арқа-батыс әскерий округине қараслы 17071-әскерий бөлими хызметкери, лейтенант А.Тўлқинбаев, Қорғаныў министрлиги жанындағы Жәмийетлик кеңестиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң қәнигеси, ишки ислер майоры Г.Палванова, сондай-ақ, усы әскерий бөлимниң 2-дәрежели сержанты Ж.Ахмедов ҳүрметли мийман сыпатында қатнасты.
– Бул илаж жас әўлад қәлбинде Ўатансүйиўшилик сезимлерин және де беккемлеў, туўылған жерге садықлық, мәртлик ҳәм пидайылық сыяқлы жоқары пазыйлетлерди үгит-нәсиятлаў, әскерий хызметкерлердиң абырайлы ҳәм жуўапкершиликли мийнетин кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде шөлкемлестирилди, – дейди физика факультети деканының орынбасары П.Нурниязов.
Ушырасыў даўамында мийманлар өзлериниң хызмет ўазыйпасы, әскерий миннеттиң жуўапкершилиги, Ўатан қорғаўшысы болыўдың мақтанышлы тәрепи, шаңарақта, әсиресе, перзентлер тәрбиясында әскерий хызметкерлердиң орны ҳаққында кең түрде айтып берди.




Илажда студент-жаслар тәрепинен әскерий хызметкерлерге сораўлар берилип, оларға тийисли жуўап алды. Өткерилген бул ушырасыў кешеси студентлердиң санасында Ўатансүйиўшилик сезимлерин күшейтип, миллий Армиямыз ҳәм онда хызмет етип атырған Ўатан қорғаўшыларына болған ҳүрмет туйғысын жоқарылатты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги