Жаңа Өзбекстан мәҳәлледен басланады

62

Соңғы жыллары елимизде халық хожалығының барлық тараўларында үлкен өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Экономикамыз жаңадан қәлиплесип, базар қатнасықлары ҳәм социаллық қорғаў кеңейип, нызам үстинлиги беккемленди. Ең әҳмийетлиси, реформаларымыздың нәтийжесин ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир шаңарақ ҳәм ҳәр бир инсан күнделикли турмысында сезбекте.

Бул ҳаққында ҳүрметли Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм халқымызға Мүрәжатында айрықша атап өтти.

– Бир сөз бенен айтқанда, биз реформаларды анық әмелий нәтийжеге айландырыўды үйрендик. Буның тастыйығын барған сайын жаңаша көриниске ийе болып атырған қала ҳәм аўылларымызда, заманагөй кәрханалар, саўда-сервис орынлары, мектеп, бақша ҳәм емлеўханалар, абат көше ҳәм мәҳәллелер, транспорт-логистика системасы, санлы хызметлер мысалында айқын көриў мүмкин, – деген еди мәмлекетимиз басшысы өзиниң Мүрәжатында.

Сондай-ақ, Президентимиз тәрепинен дүнья көлеминде өндирис ҳәм транспорт-логистика шынжырлары үзилген, шийки зат ҳәм қаржы ресурсларының баҳасы артқан шараятта да мәмлекетимиз экономикасы исенимли ҳәм турақлы өсиўди даўам еттирип атырғаны, бул нәтийжелер дүнья жәмийетшилиги ҳәм абырайлы халықаралық шөлкемлер тәрепинен тән алынып, 2025-жылы тарийхымызда биринши мәрте жалпы ишки өнимимиз 145 миллиард доллардан асқаны айрықша атап өтилди.

Ҳақыйқатында да, ҳүрметли Журтбасшымыз өз мүрәжатында айтып өткенидей, өткен жылы экономикамызға тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 43,1 миллиард долларға жетип, жәми инвестициялардың жалпы ишки өнимдеги үлеси 31,9 процентти қурамақта. Бул болса экономикамыз келеси жылларда да жоқары пәтлер менен турақлы өсип барыўы ушын тийкар болады.

Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайы ҳәм статусы, халықаралық рейтинглердеги орны барған сайын беккемленип бармақта. Атап айтқанда, жетекши халықаралық рейтинг агентликлери мәмлекетимиздиң суверен рейтингин “ВВ-“дан “ВВ” дәрежесине көтерди.

Бүгинги күнде жәмийетимизде ҳәр қыйлы пикир ҳәм көзқараслар болыўы тәбийғый. Бул – демократияның бирлемши талабы. Бирақ, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, пүткил елимизди бирлестиретуғын уллы бир идея бар. Ол да болса, Ўатан мәпи, халқымыздың мәпи.

Мине, усындай уллы мақсетке ерисиўде мәҳәлле системасының орны ҳәм тәсири шексиз. Себеби мәҳәлле тыныш ҳәм татыў болса, жәмийетимиз тыныш ҳәм аўызбиршиликли болады. Мәҳәлле раўажланса, пүткил мәмлекетимиз раўажланады.

Усылардың барлығын есапқа алып, Президентимиз 2026-жылды елимизде “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы”, деп жәриялады ҳәм халқымыз тәрепинен жыллы күтип алынды. Мәҳәлле-инсан капиталын және де байытыўдағы күш, мәмлекетимизди, халкымызды бирлестириўши миллий идеялар жолында хызмет етиўши система сыпатында атап өтилиўи, ҳәр бир мәҳәлле жетилигине үлкен жуўапкершилик жүклеп, оларды өз үстинде еле де аянбай мийнет  етиўге шақырық ураны болды.

2026-жылы әмелге асырылатуғын ең әҳмийетли 6 тийкарғы бағдардың биринши тийкарғы бағдарын – мәҳәлле инфраструктурасын буннан былай да жақсылаўға қаратылғаны, елимиз мәҳәллеринде кең көлемли  үлкен жумыслар әмелге асырылатуғынан дерек береди.

Соның ушын быйылғы жылдан мәҳәллени раўажландырыў бойынша комплексли қатнас енгизиледи. Атап айтқанда, ҳәр бир ўәлаятта 2-3 районды таңлап, олардағы барлық мәҳәлледе барлық машқалаларды бир ўақыттың өзинде шешетуғын система жаратылады. Таңлап алынған 33 район ҳәм 330 аўыр шараятлы мәҳәлледеги жумыслар Үргит тәжирийбеси тийкарында шөлкемлестириледи. Оларда бир ўақыттың өзинде исбилерменлик инфраструктурасы да раўажландырылады. Бул мақсетлер ушын барлық дереклер есабынан 8,5 триллион сум қаржы ажыратылады.

Депутатларға өз округиндеги машқалаларды шешиў ушын 500 миллиард сум, ҳәр бир депутатқа 3,3 миллиард сумнан бериледи.  Бул бағдарда “жасыл аймақ,” “жасыл бағ” жаратыў бойынша ҳәр бир депутаттың басламасына қосымша 330 миллион сумнан қаратылады. Бундай қатнас арқалы 2030-жылға шекем барлық районлардағы мәҳәллелерге Жаңа Өзбекстан көриниси алып келинеди.

Әлбетте, бул жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў ушын район бюджетиниң дәраматларын кеминде 2 есеге көбейтиўге шараят жаратып бериў зәрүр. Усы мақсетте, 2026-жыл 1-январьдан баслап, қосымша қун салығынан түсимниң Ташкент қаласында 5 проценти, қалған аймақларда 20 проценти қалдырылып, бул қаржының ярымы районлардың бюджетине өткериледи. Буннан тысқары, дәраматлардың прогнозға салыстырғанда арттырып орынланған бөлегиниң 50 проценти, егислик жерлерди ижараға бериў ҳәм базарлардан түсимлер де толық район бюджетине бериледи.

Ўәлаят, район ҳәкимлерине нәтийжесиз ҳәм бир-бирин қайталайтуғын штат бирликлерин қысқартып, үнемленген қаржыны халық орталығында қойған мәселелерди шешиў ушын ажыратыўға руқсат бериледи. Бул арқалы районлардың бюджетинде жылына 5 триллион сумлық қосымша дерек қәлиплеседи ҳәм ол мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаўға жумсалады. Сондай-ақ, 2026-жылдан баслап, биринши мәрте мәҳәлле инфраструктурасын раўажландырыў ушын 20 триллион сумды ўәлаятлардың өзлерине бериледи. Ең әҳмийетлиси, бул қаржылардың ҳәр бир сумы халқымыз ушын қосымша қун жаратыўы зәрүр. Соның ушын бул пуллар улыўма қайсыдур район ушын емес, ал мәҳәлледе жумыс орынларын жарататуғын, халықты дәраматлы ететуғын анық жойбарларға бағдарланады.

Буннан тысқары, 2026-жылы “мәҳәлледе санаат ҳәм хызмет” жойбары арқалы 10 мыңнан аслам өндирис ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларын иске қосыў ушын 5 триллион сум кредит бериледи. Кредит процентиниң миллий валютада 10 процентке шекемги, сырт ел валютасында 4 процентке шекемги бөлеги Исбилерменлик компаниясынан қаплап бериледи. Буның ушын да бюджеттен 400 миллиард сум қаратылады. Нәтийжеде мәҳәллелерде 100 мың жаңа жумыс орны жаратылады.

Ҳәр бир мәҳәлледе 40 тан микрожойбарды әмелге асырып, 360 мың халықты жумыс пенен тәмийинлеў ушын мәҳәлле банкирлери ҳәм ҳәким жәрдемшилерине 2026-жылы және 7,5 триллион сум ресурс ажыратылады. Жаңа жылда мәҳәллелердеги халықты, атап айтқанда, ҳаял-қызларды спортқа кеңнен тартыў, оның ушын зәрүр инфраструктураны жаратыў бойынша үш жыллық бағдарлама қабыл етип, оған 1 триллион сум қаратылады. Мәҳәлле жасларының китапқумарлыққа болған қызығыўшылығын және де арттырыў мақсетинде мектеп китапханаларын ҳәр жылы 10 миллион көркем әдебиятлар менен тәмийинлеп барады.

Мине, усындай жумысларымыздың нәтийжесинде 2026-жылы 1 миллион адамды турақлы жумыс пенен тәмийинлеп, 181 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарылып, кәмбағаллық ҳәм жумыссызлық дәрежесин 4,5 процентке түсириледи ҳәм кәмбағаллықтан жырақ мәҳәллелердиң саны 3,5 мыңға жеткериледи.

Әлбетте, мен депутат сыпатында Президентимиздиң бул басламасын толық қоллап-қуўатлайман. Себеби, мәҳәлле абат болса, ел абат болып, пүткил халқымыз тыныш-татыў ҳәм абадан турмыста жасайды.

Ф.Палванова,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты.

Шымбай районындағы Бердақ МПЖ баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги