Өзбекстан илимин сапа жағынан жоқары басқышқа алып шығыўға беккем тийкар жаратылды

46

Жаңа Өзбекстанда илим тараўын түп-тийкарынан реформалаў, оны заман талаплары ҳәм миллий раўажланыў мақсетлери менен үнлес раўажландырыў жолындағы гезектеги әҳмийетли қәдем сыпатында Президентимиз тәрепинен “Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының жумысын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарға қол қойылды.

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары Одилжон Маматкаримов бул бойынша мүнәсибет билдирди:

– Илим ҳәр қандай мәмлекет раўажланыўының тийкарғы ҳәрекетлендириўши күшлеринен бири есапланады. Жәмийеттиң экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм технологиялық раўажланыўы, бәринен бурын, илим жетискенликлери менен тығыз байланыслы. Заманагөй дүньяда илимниң жетискенликлерине сүйенген мәмлекетлер абаданлық, инновациялық раўажланыў ҳәм турақлы раўажланыўға ериспекте. Сонлықтан, илимди қоллап-қуўатлаў, оны системалы түрде раўажландырыў ҳәр бир мәмлекетлик сиясаттағы тийкарғы бағдарлардан бири болып есапланады.

Илимниң раўажланыўында Илимлер академияларының тутқан орны айрықша әҳмийетке ийе. Бул мәкемелер фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлерди шөлкемлестириў, илимий мектеплерди қәлиплестириў, перспективалы бағдарларды белгилеў ҳәм жоқары маманлықтағы илимий кадрлар таярлаўда жетекши роль атқарады. Әсиресе, академик илимпазлар илимниң ең жоқары ўәкиллери сыпатында илимий пикирлеўдиң раўажланыўы, жаңа идеялар ҳәм инновациялық шешимлердиң басламашысы есапланады.

Өзбекстан Илимлер академиясы мәмлекетте илимниң раўажланыўын избе-из ҳәм системалы түрде тәмийинлеў, миллий илимий потенциалды беккемлеў ҳәм илимий изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў жолында жумыс алып барып атырған ең абырайлы илимий мәкеме болып есапланады. Академия фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлерди муўапықластырыў, тийкарғы илимий бағдарларды белгилеў, илимий мектеплер ҳәм изертлеў дәстүрлерин раўажландырыў арқалы мәмлекеттиң раўажланыўына үлкен үлес қоспақта. Соның менен бирге, ол заманагөй илим жетискенликлерин миллий талаплар менен үйлестирген ҳалда экономика, санаат, аўыл хожалығы, медицина, билимлендириў ҳәм экология тараўларында илимий тийкарланған шешимлерди ислеп шығыўға хызмет етпекте.

Жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған кең көлемли реформалар шараятында Илимлер академиясының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў, оның басқарыў системасын заманагөй талаплар тийкарында қайта шөлкемлестириў және илимий изертлеўлерди мәмлекеттиң узақ мүддетли раўажланыў стратегиялары менен үзликсиз байланыстырыўға айрықша итибар қаратылды.

Бул реформалар шеңберинде Академияның институционаллық потенциалы арттырылып, илимий мәкемелердиң жумыс нәтийжелилигин баҳалаўдың ашық-айдын ҳәм әдил механизмлери енгизилди. Соның менен бирге, ашық-айдынлық, бәсеки ҳәм қалыслық принциплери тийкарында өткерилген сайлаўлар нәтийжесинде Илимлер академиясы илимниң түрли тараўларында жетик илимий нәтийжелерге ерискен, заманагөй пикирлейтуғын ҳәм үлкен-үлкен илимий мектеплер жаратқан илимпазлар менен толықтырылды. Бул болса Илимлер академиясының абырайын және де арттырыў, миллий илимниң раўажланыўында оның ролин беккемлеў және инновациялық раўажланыў процесслеринде белсене қатнасыўын тәмийинлеўге тийкар жаратпақта.

Мәмлекетимиз басшысының жаңа қарарында 2030-жылға шекем Илимлер академиясында тийкарғы илимий бағдарлар тийкарында фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлерди системалы жолға қойыў, Академия ҳәм оның системалы шөлкемлеринде жаңа илимий қолланбалар саны ҳәм оларды коммерцияластырыўдан алынатуғын қаржылардың көлемин 3 есеге арттырыў, илимий кадрлар қурамында жас илимпазлардың үлесин 60 процентке жеткериў, абырайлы халықаралық илимий басылымларда басып шығарылатуғын мақалалардың санын 4 есеге көбейтиў сыяқлы анық ҳәм мақсетли көрсеткишлер белгилеп берилди. Сондай-ақ, академиклер ҳәм профессор-оқытыўшылардың билимлендириў процесиндеги қатнасыўын 5 есеге, халықаралық бирге ислесиўдеги илимий изертлеўлер санын 3 есеге арттырыў режелестирилди.

Қарарда илимий потенциалды арттырыўға қаратылған және бир әҳмийетли бағдар – сырт еллерде жумыс алып барып атырған өзбек илимий диаспорасын миллий илим системасына қайта интеграциялаў мәселеси айрықша белгилеп қойылды. Соның менен бирге, Илимлер академиясының илимий мәкемелерин бәсеки принципи тийкарында қаржыландырыў системасына өткериў, жасларды академиялық пәнлерге кеңнен тартыў мақсетинде оларды материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў механизмлерин енгизиў нәзерде тутылмақта.

Бул болса, өз гезегинде, мәмлекетте илим тараўында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў, илимий изертлеўлердиң сапасын арттырыў және жаңа идея ҳәм инновациялық шешимлерди жеделлик пенен әмелиятқа енгизиўди тәмийинлеўге хызмет етеди. Сондай-ақ, сырт ел тәжирийбеси ҳәм алдынғы илимий мектеплерди миллий илим системасына интеграциялаў арқалы илимий потенциалды сапа жағынан жаңалаў, жас илимпазлардың белсендилигин арттырыў ҳәм интеллектуаллық ресурслардан нәтийжели пайдаланыўға тийкар жаратады.

Аймақлық илимди раўажландырыў мақсетинде Наманган, Самарқанд ҳәм Термиз қалаларында Илимлер академиясының аймақлық бөлимлериниң шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ, Халықаралық илим кеңесиниң Орайлық Азия регионаллық офисин ашыў режелестирилгени Өзбекстанның регионаллық ҳәм халықаралық илимий майдандағы абырайын арттырыў, оның илимий потенциалын дүнья жәмийетшилигине кеңнен көрсетиў және мәмлекетти Орайлық Азияда илимий-изертлеўлер ҳәм инновациялар бойынша әҳмийетли орай сыпатында қәлиплестириўге хызмет етеди.

Бул басламалар арқалы халықаралық илимий байланысларды беккемлеў, биргеликтеги изертлеў жойбарлары ҳәм грант бағдарламаларын кеңейтиў, илимий кадрлардың академиялық ҳәрекетшеңлигин арттырыў және региондағы әҳмийетли машқалаларға илимий тийкарланған шешимлер ислеп шығыў ушын жаңа имканиятлар жаратылады.

Жуўмақлап айтқанда, бүгинги күнде системаның алдында турған ең тийкарғы ўазыйпа Президент қарарында белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў, белгиленген стратегиялық көрсеткишлерге избе-из түрде ерисиўден ибарат.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жаратылған қолайлы шараятлар, кең имканиятлар ҳәм қоллап-қуўатлаў механизмлеринен ақылға уғрас ҳәм мақсетли пайдаланған ҳалда, барлық илимпазлар, илимий мәкемелер ҳәм билимлендириў системасы ўәкиллериниң өз-ара аўызбиршиликли ҳәрекетлери Өзбекстан илимин сапа жағынан жоқары басқышқа алып шығыў ушын беккем тийкар жаратады.

Н.Абдураимова, ӨзА