Мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлық ҳәм есап бериў: Өзбекстанда сиясий реформалардың нәтийжелилиги

23

Мәмлекетлик басқарыў ҳәр бир демократиялық жәмийеттиң тийкарғы принциплеринен бири сыпатында халықтың мәпин сәўлелендиретуғын сиясатты ислеп шығыў ҳәм нәтийжели әмелге асырыўды тәмийинлейди. Ашық-айдынлық ҳәм есап бериў – басқарыў системасының пуқараларға хызмет көрсетиў қәбилетин арттырыўшы еки тийкарғы элемент болып есапланады.

Ашық-айдынлық мәмлекет жумысы ҳаққындағы мағлыўмат халық тәрепинен еркин ҳәм толық алыныўы ҳәм қарар қабыл етиў процесиниң ашық-айдынлығы менен белгиленеди. Есап бериў болса мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың қарары ҳәм ҳәрекети ушын жуўапкершиликти аңлатып, пуқаралардың сиясий реформа процесине исенимин арттырады.

Өзбекстан ғәрезсизлик жылларында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў жолында әҳмийетли реформаларды әмелге асырды. Әсиресе, соңғы жылларда бул процесс инсаныйлық, ашық-айдын ҳәм есап бериўши мәмлекетлик басқарыўды тәмийинлеўге қаратылған стратегиялық бағдарға айланды. 2030-жылға шекем пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясының жойбары да соннан дерек береди: ҳүжжетте мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик бирге ислесиўди беккемлеў, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң (МКШ) қатнасыўын кеңейтиў ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыўда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў сыяқлы тийкарғы бағдарлар белгиленген. Бул басламалар “ашық мәмлекет – белсенди пуқара” моделин қәлиплестириўге хызмет етеди ҳәм сиясий реформалардың нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырады.

Мәмлекетлик басқарыўдың ашық-айдынлығы ҳәм есап бериўшилиги тек ғана мағлыўматты кең жәмийетшиликке усыныўдан ибарат емес, ал мәмлекетлик уйымлар жумысының нәтийжелилигин баҳалаў, процесске пуқараларды тартыў, ашық-айдын қарар қабыл етиў системасын жаратыў имканиятын береди. Усы көзқарастан “Жаңа Өзбекстан” ҳәкимшилик реформалары мәмлекетлик уйымлардың функционал нәтийжелилигин арттырыў, қарарлар базасын беккемлеў ҳәм ҳүкимет пенен жәмийет арасындағы қарым-қатнасты күшейтиўге қаратылған кең көлемли илажлар комплексин өз ишине алады.

Республикамыздың мәмлекетлик басқарыў системасында ашық-айдынлық ҳәм есап бериўди тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың ажыралмас бөлегине айланған. Кейинги жыллары усы бағдарда бир қатар әҳмийетли қәдемлер тасланды. Бундай ҳәрекетлер пуқаралық жәмийетиниң қатнасын күшейтиў, мәмлекетлик қарарлар үстинен жәмийетлик қадағалаўды жеделлестириў ҳәм нәтийжели басқарыў механизмлерин енгизиўге қаратылған. Атап айтқанда, пуқаралық жәмийетин 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы жойбарында мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы интеграцияны тереңлестириў, ашық-айдынлықты арттырыў ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетлери жәмленген.

Ҳүжжеттиң мазмуны соны көрсетеди, мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў ушын тек ғана мағлыўмат бериў жеткиликли емес: пуқаралардың мүнәсибетин қәлиплестириў, оларды қарар қабыл етиў процесине тартыў ҳәм мәмлекетлик уйымлардың нәтийжелери ушын қатаң жуўапкер ететуғын система жаратыў да әҳмийетли болып есапланады. Сондай-ақ, МКШ жумысын қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик кеңеслерди раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик бюджетти додалаўда пуқаралық жәмийетиниң қатнасын кеңейтиў сыяқлы бағдарлар өз-ара байланысып, мәмлекетлик басқарыў пуқаралар тәрепинен және де терең сезилиўи тәмийинленеди.

Кейинги ўақытта мәмлекетлик уйымлардың ашық-айдынлығы бойынша анық нәтийжени баҳалаўға қаратылған механизмлер де әмелиятқа енгизилмекте. Мәселен, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Статистика агентлиги тәрепинен ислеп шығылған “Ашықлық индекси” арқалы мәмлекетлик уйымлардың ашықлық дәрежеси баҳаланады, нәтийжелер бойынша рейтинглер дүзиледи. Бундай системалы баҳалаў пуқаралар, экспертлер ҳәм халықаралық шериклер ушын ашық-айдынлық дәрежесин анықлаў имканиятын береди, мәмлекетлик уйымлардың хызмет көрсетиў сапасы ҳәм нәтийжеси бойынша турақлы мониторинг алып барылыўын тәмийинлейди. Ашық мағлыўматлар порталы, жәмийетлик додалаў ҳәм форумларда усыныс етилип атырған идеялар мәмлекетлик қарарлардың тийкарланған ҳәм ашық-айдын қабыл етилиўи, пуқаралардың турмыслық зәрүрлигин сәўлелендириўге хызмет етеди.

Санлы трансформация мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлық ҳәм есап бериўди тәмийинлеўге сезилерли тәсир көрсетпекте. Санластырыў процеси арқалы мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўи және де жедел, избе-из ҳәм пуқаралардың талабына сай болыўы тәмийинленбекте. Соның менен бирге, мәмлекетлик уйымлардың ҳәрекети ҳәм финанслық мағлыўматты ашық форматта усыныў есабат бериў мәдениятын жоқары дәрежеге алып шығыўға жәрдем береди.

Реформалар нәтийжелилигиниң және бир әҳмийетли бағдары қарар қабыл етиў процесинде жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў болып есапланады. Пуқаралардың мүрәжатын көрип шығыў системасы, Президенттиң Халық ҳәм Виртуал қабыллаўханалары және “Исеним телефонлары” сыяқлы механизмлер арқалы халықтың пикири тиккелей мәмлекетлик уйымларға жеткериледи. Усы тийкарда қарарлар қайта көрип шығылады.

 

Мусулмон Зиё, ӨзА