Не ушын Трампқа Гренландия соншелли әҳмийетли? (+видео)

АҚШтың Венесуэлаға әскерий жүрисинен соң, Дональд Трамп енди Гренландияны аннекция етиў нийети бар екенлигин ашық айтты. Бул баянат изинен дәрҳал Дания бас министри кескин мүнәсибет билдирди ҳәм “тарийхый аўқамласқа қарсы қәўип-қәтерлерди тоқтатыўға” шақырды. Бул ҳаққында Евроньюс хабар берди.
Дания бас министри Метте Фредериксен АҚШты қәўиплерди тоқтатыўға шақырды. Гренландия, Данияның автоном аймағы болып, халқы шама менен 57 мың адамнан ибарат. Ол НАТО ҳәм Европа Аўқамы қурамына киреди.
Гренландия бас министри Йенц-Фредерик Нильсен де Трамптың атаўды аннекциялаў ҳаққындағы қайта-қайта қәўиплерине жуўап берип, сөйлесиўге ашық екенлигин, бирақ ол халықаралық ҳуқыққа муўапық алып барылыўы керек екенлигин мәлим еткен. 2025-жылдың басында Трамп бир неше мәрте Гренландияны қосып алыў зәрүр екенлигин айтты.
Николас Мадуро ҳәкимияттан шетлетилгеннен кейин бул тема бойынша және ашық баянат берди. “Гренландия миллий қәўипсизлигимиз ушын керек. Бул стратегиялық аймақ. Ҳәзир бул жер әтирапында рус ҳәм қытай кемелери жүрип атыр,” – деген Трамп журналистлерге.
Не ушын Трампқа Гренландия керек, деген тәбийғый сораў туўылады. Ядыңызда болса, Рождество байрамынан алдын Трамп Луизиананың бурынғы губернаторы Жефф Лэндриди Гренландия мәселеси бойынша арнаўлы елши етип тайынлады. Лэндри социаллық тармақларда “Гренландияны АҚШтың қурамына қосыў жумысларында хызмет етиў мен ушын мақтаныш” – деп жазған.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, Гренландия Арқа Муз океанында, әҳмийетли теңиз жолларының кесилиспесинде жайласқан. Географиялық жақтан ол Арқа Америка бөлими болып есапланады. Глобаллық ысыў себепли Арктика арқалы жаңа теңиз жолларының ашылыўы күтилмекте, бул болса Гренландияның әҳмийетин және де арттырады.
1951-жылы АҚШ ҳәм Гренландия арасында қорғаныў бойинша келисимге қол қойылған. Питуффик космослық базасында шама менен 150 америкалы әскерий хызметкер жайласқан болып, ол жерде ракета бақлаўы ҳәм космос мониторинги алып барылады.
Немис изертлеўшиси Ян Лессердиң пикиринше, АҚШ Гренландияда қәўипсизлик ушын зәрүр инфраструктураға әллеқашан ийе. Сол себепли, Трамп ҳәкимшилигиниң тийкарғы қызығыўшылығы тәбийғый ресурслар менен байланыслы болыўы мүмкин. Бирақ, Трамптың бундай режелерине Европа қалай қарайды? Мәселен, Швеция бас министри Ульф Кристерссон Данияны қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди. Өткен жылы Европа Аўқамы АҚШтың Гренландияны ийелеў ҳаққындағы усынысларын бир неше мәрте қаралаған еди.
Изертлеўши Лессердиң пикиринше, әскерий аннекция итималы төмен болса да, оны пүткиллей бийкарлап болмайды. Венесуеладағы ўақыялардан кейин, көпшилик Трамптың сөзлерин қатаң қабыл ете баслады. Оның айтыўынша, АҚШ Данияға экономикалық, дипломатиялық ҳәм коммерциялық басым өткерип, Гренландияда кеңирек имканиятлар алыўға ҳәрекет етиўи мүмкин.
Дания Бас министри оның мәмлекети НАТО ағзасы екенин ҳәм оған коллективлик қәўипсизлик кепилликлери тийисли екенин ескертти. НАТО ишинде қарама-қарсылықлар бурын да болған, мәселен, Греция ҳәм Түркия арасында. Бирақ бул ретки келиспеўшиликке Европаның тийкарғы қәўипсизлик кепилиниң қатнасыўы мүмкин. “Бул альянс ишиндеги аўызбиршиликти жолдан шығарыўы мүмкин. Аўқамласлар бундай жол тутпаўы керек”, – дейди изертлеўши Лессер.
Оның жуўмағына бола, Гренландия әтирапындағы қәўип-қәтерлер ҳәлсиреп қалған трансатлантикалық қәўипсизлик қатнасықларын және де аўырластырыўы мүмкин ҳәм бул НАТО ишинде ҳақыйқый кризиске алып келиў итималынан шетте емес.
Кенжа Бекжонов, Анвархўжа Аҳмедов (видео), ӨзА