Илимлер академиясында экология ҳәм Аралбойы мәселелери

Өзбекстанда илим ҳәм инновацияларды раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланбақта. Әсиресе, экология, суў ресурслары ҳәм Аралбойы регионын турақлы раўажландырыў мәселелери тек ғана илимий емес, ал социаллық-экономикалық әҳмийетке ийе болмақта.
Усы көзқарастан, Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары Ўктам Саломов Қарақалпақстан Республикасына хызмет сапары шеңберинде усы мәселелерге итибар қаратты.
Хызмет сапары шеңберинде Ўктам Саломов Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлиминде болып, усы мәкемениң илимий потенциалы ҳәм жумысы менен жақыннан танысты. Бөлим баслығы, академик Аҳмед Реймов пенен болып өткен ушырасыўда аймақта алып барылып атырған әмелий изертлеўлер додаланды.

Қарақалпақстан бөлими илимпазлары тәрепинен алып барылып атырған илимий излениўлер, бәринен бурын, регионның ең әҳмийетли машқалалары – экологиялық турақлылық, суў жетиспеўшилиги, биокөптүрлиликти сақлаў ҳәм Аралбойы аймағын тиклеў ҳәм турақлы раўажландырыў мәселелерине қаратылғаны менен әҳмийетли. Бул изертлеўлер тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, халықтың саламатлығын қорғаў ҳәм экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўде әҳмийетли илимий тийкар болып хызмет етпекте.

Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлери бүгинги күнде пүткил Орайлық Азия ушын глобаллық машқала сыпатында тән алынады. Сонлықтан, Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде алып барылып атырған изертлеўлер тек ғана регионаллық емес, ал халықаралық көлемде де әҳмийетли.
Ушырасыў даўамында суў ресурсларын басқарыў, шөллениў процесслерин азайтыў, жасыл аймақларды кеңейтиў, шорланған жерлерди қайта тиклеў бойынша илимий қолланбалар додаланды. Бул бағдарларда илим ҳәм әмелият арасындағы тығыз байланысты күшейтиў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Ўктам Саломов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Президентимиздиң басшылығында илим ҳәм инновациялар тараўына қаратылып атырған системалы итибарға тоқтап өтти. Илимлер академиясының жумысын раўажландырыўға қаратылған қарар ҳәм пәрманлар илимий мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, илимпазлардың социаллық абырайын арттырыў ҳәм илимий нәтийжелерди әмелиятқа енгизиўде әҳмийетли фактор болып атырғаны атап өтилди.

Сапар етиў жуўмағында жас илимпазларды қоллап-қуўатлаў, илимий грантлар санын арттырыў, стартап жойбарларды қаржыландырыў ҳәм халықаралық илимий бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша келешектеги режелер додаланып, келисимлерге ерисилди. Бул болса Аралбойы машқалаларына илимий тийкарланған шешимлер ислеп шығыўда әҳмийетли қәдем болыўы күтилмекте.
Дилдора ДЎСМАТОВА, ӨзАның хабаршысы