Жол ҳәм техникалардың таярлығы көзден өткерилди

30

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети баслығы, полковник Ш.Ибрагимов тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жағдайы үйренилди.

Үйрениўлер даўамында Қараөзек районы аймағынан өтиўши А-380 “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының 673-698-километрлери аралығында әмелге асырылып атырған реконструкция жумыслары, сондай-ақ, Бестөбе ЖПХ постында хызмет алып барып атырған хызметкерлердиң жумысы ҳәм хызметти шөлкемлестириў мәселелери көзден өткерилди.

Сондай-ақ, Тақыятас районы Жоллардан турақлы пайдаланыў мәмлекетлик мәкемеси кәрханасының қыс мәўсимине таярлық дәрежеси, арнаўлы техника ҳәм материаллық-техникалық тәмийинлениў жағдайы үйренилди.

Буннан тысқары, Тақыятас районы аймағындағы Д-154 Л автомобиль жолының 1,3-4,8 километр аралығында скутер ҳәм велосипед айдаўшылар  ушын мөлшерленген арнаўлы жол шөлкемлестириў ҳәм Нөкис қаласы аймағындағы А-380 автомобиль жолының 773-километринде айланба ҳәрекетлениўши жол шөлкемлестириў бойынша ислеп шығылған жойбарлар көрип шығылды.

Соның менен бирге, Ҳәкимшилик әмелият орайы, Дизимнен өткериў ҳәм имтихан алыў бөлимлери ҳәм ЖПХ батальонының хызмет жумысы үйренилди.

                                                                     Қарақалпақстан хабар агентлиги