Миллий армия – Ана журт қалқаны, тынышлығымыз сақшысы!

10

Елимиздиң тынышлығын қорғаўда миллий армиямыздың тутқан орны айрықша. Мәрт, Ана журтқа садық хызмет етип атырған әскерлеримиздиң хызметлерин қанша мақтаныш етсең арзыйды. Ҳәр жылы 14-январь күни Ўатан қорғаўшылары күни елимиз бойлап кең түрде белгиленип келинбекте. Әйне пайытта орынларда байрам нәпеси басланып, ҳәр қыйлы илажлар өткерилмекте.

Тақыятас районы әскерий бөлиминде “Миллий армия – Ана журт қалқаны, тынышлығымыз сақшысы!” сүрени  астында “Үш әўлад ушырасыўы” илажы болып өтти. Илажда район ҳәкимлиги, “Нураный” қоры, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы ўәкиллери, әскерий хызметкерлер, әскерлер,  жаслар ҳәм 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниң “Батырлық мектеби” оқыўшылары қатнасты.

Илажда Тақыятас районы ҳәкиминиң биринши орынбасары С.Алламбергенов шығып сөйлеп, ушырасыўды ашып берди. Ол өз сөзинде тынышлық ҳәм абаданшылықты сақлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда әскерлер ҳәм нураныйлардың орны әҳмийетли екенин атап өтти. Өткерилген ушырасыў кешесинде  сөзге шыққанлар елимиздеги тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўде Президентимиз басшылығында алып барылып атырған кең көлемли реформалардың әҳмийети, Ана Ўатанды сүйиў ҳәм тынышлығымызды қорғаўда миллий армияның тутқан орны ҳаққында атап өтип, бул жолды даўам етиўде көпти көрген нураний жасүлкенлердиң мәсләҳәтлери ҳәм келешек әўладты Ўатансүйиўшилик руўхта тәрбиялаў зәрүр екенлиги сөз етилди.

Илаж жуўмағында районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди. Ушырасыў кешеси жасларда Ўатанға садықлық, мақтаныш ҳәм жуўапкершилик сезимлерин беккемлеўге хызмет етери сөзсиз.

                                                                             Қарақалпақстан хабар агентлиги