Улыўмалық мүлкке салыстырғанда “Жеңиллетилген сатып алыў ҳуқықы” деген не?

Ҳуқықый қатнас
Нызамшылыққа муўапық, еки ямаса оннан артық шахстың ийелигинде болған мүлк оларға улыўмалық мүлк ҳуқықы тийкарында тийисли болады.
Бул сораўға жуўап бериўден алдын улыўма мүлк түсинигиниң мәнисин билип алыўымыз зәрүр.
Бул ҳаққында Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының баслығы Отабек Нарзиев төмендегише түсиник берди:
– Пуқаралық кодексиниң 216-статьясына муўапық, мүлк мүлк ийелериниӊ ҳәр бириниң мүлк ҳуқықындағы үлеси анықлап қойылған (үлеслик мүлк) ямаса бундай үлеслер анықлап қойылмаған (биргеликтеги мүлк) жағдайда улыўмалық мүлк болыўы мүмкин.
Улыўмалық мүлк болған мүлк үлеслерге бөлинеди, нызамда бул мүлктиң биргеликтеги мүлкти пайда етиўи нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди.
Демек, улыўмалық мүлк бул еки яки оннан артық шахсларға тийисли болған мүлк. Улыўмалық мүлк үлеслерде бөлистириледи ҳәм шериклер арасында басқарылады. Енди тийкарғы сораўға қайтсақ, улыўмалық мүлк ҳуқықында жеңиллетилген сатып алыў ҳуқықы нени анлатады?
Пуқаралық кодексиниң 224-статьясына муўапық, мүлк ийелеринен бири өз үлесин басқа шахсқа сатқан ўақытта қалған мүлк ийелери сатылып атырған үлести ол сатылатуғын баҳада ҳәм басқа тең шәртлерде жеңиллетилген түрде сатып алыў ҳуқықына ийе, аукцион саўдалары арқалы сатыў жағдайлары буған кирмейди.
Улыўмалық мүлктеги үлести сатыўшы өз үлесин басқа шахсқа сатыў нийети ҳаққында басқа мүлк ийелерине жазба рәўиште мәлим етип, үлестиң баҳасын ҳәм оны сатыўдың басқа шәртлерин көрсетиўи шәрт.
Егер қалған мүлк ийелери жеңиллетилген сатып алыў ҳуқықын әмелге асырыўдан бас тартса ямаса бул ҳуқықты хабардар етилген күннен баслап көшпес мүлкке байланыслы бир ай даўамында, басқа мүлкке байланыслы болса – он күн даўамында әмелге асырмаса, сатыўшы өз үлесин ҳәр қандай шахсқа сатыўға ҳақылы.
Үлес жеңиллетилген сатып алыў ҳуқықын бузған ҳалда сатылған жағдайда, басқа мүлк ийелери үш ай даўамында сатып алыўшының ҳуқық ҳәм миннетлемелерин өзлерине өткериўди суд тәртибинде талап етиўге ҳақылы.
Үлести сатып алыўдың жеңилликли ҳуқықын басқа шахсқа бериўге жол қойылмайды.
Мәмлекетлик уйым ямаса басқа юридикалық шахс улыўмалық мүлк болған турақ жайдағы (квартирадағы) өз үлесин сатқан ўақытта турақ жайдың (квартираның) тийисли бөлегинде ижараға алыўшылар сыпатында жасап атырған шахслар усы статьяның қағыйдалары тийкарында жеңиллетилген сатып алыў ҳуқықына ийе болады, олар бул ҳуқықтан ўаз кешсе ямаса оны әмелге асырмаса – басқа мүлк ийелери бул ҳуқыққа ийе болады.
Усы статьяның қағыйдалары алмасыў шәртнамасы бойынша үлести басқа шахсқа бериўде де қолланылады.
Усы статьяға муўапық, егер улыўма мүлктеги бир шерик өзиниң үлесин басқа шахсларға сатпақши болса, ол дәслеп, бул ҳаққында басқа шериклерге жазба формада хабар бериўи керек. Бунда басқа шериклерде үлести биринши болып сатып алыў ушын жеңиллик пайда болады.
Егер басқа шериклер өз жеңилликлеринен пайдаланбаса яки тийисли мүддетте сатып алыў ҳуқықын әмелге асырмаса, үлесин сатпақшы болған шерик өз үлесин басқа шахсларға сатыўға ҳақылы болады.
Түсиниў аңсат болыўы ушын мысал келтирейик: Әмийна мүлктиң 1/2 сине (50%), Дилшад 1/4 ине (25%) Рустем 1/4 ине (25%) салыстырғанда улыўма мүлк ҳуқықына ийе. Рустем усы улыўма мүлктен болған өзиниң үлесин сатпақшы. Бундай жағдайда ол биринши болып бул ҳаққында Әмийна ҳәм Дилшадқа жазба хабар береди. Себеби олар улыўмалық мүлктиң басқа шериклери есапланады. Әмийна ҳәм Дилшад бул жағдайда үлести биринши сатып алыў ҳуқықына ийе шахслар болып есапланады.
Мине, усы жағдай улыўмалық мүлкке салыстырғанда жеңиллетилген сатып алыў ҳуқықы есапланады.
Есте сақлаў керек, бул жеңиллик улыўмалық мүлктеги шериклерге ғана бериледи.
Гулноза Бобоева,
ӨзА