Қарардың орынланыўы сын көзқарастан додаланды

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминовтың қатнасыўында Елликқала, Беруний районларының белсендилери, жуўапкер уйым ҳәм шөлкемлердиң басшылары менен жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, социаллық ҳәм экономикалық мәселелер бойынша кеңейтилген мәжилис өткерилди.
Президенттиң 2025-жыл 3-январьдағы “2025-жылда республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы және халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм коммерциялық банклерде машқалалы кредит қарыздарлықларын өндириў бағдарындағы жумыслар сын көзқарастан додаланды.

Мәжилисте профилактикалық илажларды нәтийжели шөлкемлестириў, жумыссызлар ҳәм жаслар арасында жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлар жүз бериўиниң алдын алыў, кем тәмийинленген, кәмбағаллық реестрине киргизилген шаңарақлардың машқалаларын үйрениў, жанылғы-энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, рейд илажларын күшейтиў, жасырын экономиканы келтирип шығарыўшы факторларды анықлаў ҳәм сапластырыў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги социаллық тараў объектлериндеги қурылыс-оңлаў жумысларының сапасы ҳәм өз ўақтында жуўмақланыўы бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырма ҳәм көрсетпелер берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги