Әдиллик министри: “Тиккелей әмел етиўши нызамлардың үлеси 2030-жылға шекем 30 процентке жеткериледи”

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында әдалатлы суд-ҳуқық системасы бағдарындағы реформалар даўам еттирилетуғыны атап өтилди.
Ҳәр бир реформаның табысы беккем норма, нызамлы тийкарлардың нәтийжелилигине байланыслы. Өзбекстан Әдиллик министри Акбар Тошқулов бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып берди:
– Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда пуқаралар, исбилерменлер ҳәм инвесторларды ҳәр қандай жағдайда да исенимли қорғайтуғын мәмлекет, Конституция, нызамлар бар екенлигин айрықша атап өтти.
Ҳақыйқатында да, мәмлекетимизде миллий нызамшылық базасы халықаралық стандартларға муўапық жетилистирилип барылмақта. Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжесинде нызамшылық базасы избе-из ҳәм жоқары пәтлерде жаңаланып бармақта. Бүгинги күнде нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер фонды 26 мыңнан аслам тутас ҳүжжетти өз ишине алады. Соннан дерлик 17 мыңы, яғный 65 проценти соңғы тоғыз жылда қабыл етилген.
Бул жағдай норма дөретиўшилигиниң жеделлесип атырғаны ҳәм ҳуқықый система заман талапларына жедел ҳәм бейимлесиўшең түрде жуўап бере алатуғынын айқын көрсетеди.
Ҳәзирги ўақытта Әдиллик министрлиги тәрепинен ҳуқық дөретиўшилиги жумысын заман талаплары ҳәм шақырықларына сәйкес түрде жетилистириўге қаратылған жаңа концепция жойбары ислеп шығылмақта. Жойбарда норма дөретиўшилиги жумысында әмелдеги механизмлер жаңаланып, тараўға заманагөй қатнасларды енгизиў нәзерде тутылмақта.
Жойбарларды жәмийетлик додалаўдан өткериў, мәжбүрий талапларды қысқартыў ҳәм тиккелей әмел ететуғын нызамларды ислеп шығыўға итибар қаратылмақта.
Ҳуқықый реформалардың концептуал тийкарында “халық – нызам авторы” принципи жатады. Жойбарларды жәмийетлик додалаўдан өткериў ҳуқықый ҳүжжетлердиң сапасын арттырыў менен бирге, мәмлекетлик уйымлардың пуқаралар алдындағы ашық-айдынлығын тәмийинлейди.
Бүгинги күнде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине және нызамлы мәплерине байланыслы, сондай-ақ, әҳмийетли социаллық, сиясий ҳәм экономикалық әҳмийетке ийе болған нызамшылық ҳүжжетлериниң жойбарларын жәмийетшиликтиң додалаўына қойыў миннетлемеси нызам менен беккемленген. Атап айтқанда, 2025-жылы министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен ислеп шығылған 714 жойбар жәмийетшиликтиң додалаўына қойылған болса, олар менен орташа ҳәр айда мыңнан аслам пуқара танысқан.
Исбилерменлердиң есап бериўин арттырыў мақсетинде жәмийетлик додалаў даўамында берилген усынысларды көрип шығыў ҳәм тийисли кестени автоматикалық түрде қәлиплестирип порталда жәриялаў әмелияты енгизилди.
Норма дөретиўшилиги процесслеринде жәмийетшиликтиң қатнасыўы тийкарынан онлайн додалаўлар арқалы әмелге асырылмақта. Өз гезегинде, Әдиллик министрлиги тәрепинен оффлайн сораўлар, дәстүрий сәўбет ҳәм додалаўлар, фокус-топарлар сыяқлы жойбарларды жәмийетлик додалаўдан өткериўдиң альтернатив механизмлерин енгизиў басламалары алға қойылмақта.
Министрлик тәрепинен ҳуқықый экспертиза процесинде жойбардың Конституцияға муўапықлығына айрықша итибар бериледи. Егер оған қайшы ямаса шеклеўши нормалар анықланған жағдайларда, оларды сапластырыў бойынша қатаң позиция билдириледи.
Конституцияға муўапық, мәмлекет экономикалық жумыс ҳәм исбилерменлик еркинлигин кепиллеў, қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлеў бойынша өзине миннетлемелер алған.
Бул миннетлемелердиң орынланыўы сыпатында Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 28-январьдағы “2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында”ғы пәрманына тийкарланып Исбилерменлик тараўына байланыслы мәжбүрий талаплардың бирден-бир реестри 2025-жыл 1-июльден толық иске қосылды.
Ҳәзирги ўақытта бирден-бир реестрге министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен 40 мыңға шамалас мәжбүрий талаплар киргизилген. “Өзбекстан – 2030” стратегиясына муўапық, 2030-жылға шекем, Бирден-бир реестрдеги мәжбүрий талапларды кеминде 20 процентке қысқартыў белгиленген.
Бүгинги күнге шекем министрлик тәрепинен 500 ден аслам нормативлик ҳүжжеттеги 16 мыңға шамалас мәжбүрий талаплар қайта көрип шығылып, 2,3 мыңнан аслам мәжбүрий талапларды бийкарлаў бойынша усыныслар ислеп шығылды.
Әмелдеги нызамшылықта заман талабына сәйкес келмейтуғын ҳәм ескирген, исбилерменлер ушын артықша жүк келтирип шығаратуғын мәжбүрий талаплар бар екенлиги анықланды.
Соннан келип шығып, бир пәрман, еки қарар жойбары ислеп шығылып, Ҳүкиметке киргизилди. Атап айтқанда, Министрлер Кабинети тәрепинен усы жыл 15-декабрь күни қабыл етилген “Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырымларын өз күшин жойытқан деп есаплаў ҳаққында”ғы қарары менен 1 мың 620 мәжбүрий талап бийкар етилди.
Бирден-бир реестрди буннан былай да жетилистириў үстинде де ислеп атырмыз. Атап айтқанда, мәжбүрий талап критерияларын ҳәм методикасын ислеп шығыў, арнаўлы платформа жаратыў ҳәм онда жасалма интеллект технологиясын енгизиў арқалы артықша ҳәм тәкирарланатуғын мәжбүрий талапларды анықлаў, реестрди турақлы таллап барыў ҳәм мониторинг етип барыў, исбилерменлер ушын мәжбүрий талаплар бойынша қәрежетлерди алдыннан билиў имканиятын беретуғын “бизнес калькулятор”ды енгизиў, жаңа мәжбүрий талап енгизилгенде оның орнына реестрдеги усы тараў бойынша басқа бир талапты шығарып таслаў (“one in – one out”) тәртибин енгизиў, мәжбүрий талапларды қайта көрип шығатуғын арнаўлы комиссияның жумысын жетилистириў, киши жумысшы топарлардың жумысын тоқтатқан ҳалда, жойбарлаў офислерин шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылмақта.
Конституция ҳәм нызамлардың үстинлиги сөзсиз тән алыныўы принципинен келип шығып, реформаларды тарқақ қарарлар ҳәм төменги дәрежедеги ҳүжжетлер арқалы емес, ал тиккелей нызамлар менен белгилеў тийкарғы ўазыйпаға айланды. Бундай қатнас ҳуқықты қолланыў әмелиятындағы анықсызлық ҳәм алжасықлардың алдын алыў және пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын турақлы ҳәм түсиникли ҳуқықый орталық жаратыўға хызмет етеди.
Тиккелей әмел етиўши нызамлардың үлесин 2030-жылға шекем 30 процентке жеткериў мақсет етилген. Бул бағдарда Олий Мажлис тәрепинен тастыйықланған 2025-2029-жылларға мөлшерленген нызам дөретиўшилиги бағдарламасының әмелге асырылыўы оғада әҳмийетли есапланады. Бул бағдарламаны толық әмелге асырыў миллий нызамшылық базасындағы нызамлардың үлесин сезилерли дәрежеде арттырыўға, 40 тан аслам тараў тиккелей ҳәрекет ететуғын нызамлар менен тәртипке салыныўына хызмет етеди.
Улыўма алғанда, Әдиллик министрлиги жойбарларды жәмийетлик додалаўдан өткериў, мәжбүрий талапларды қысқартыў, тиккелей әмел ететуғын нызамлар үлесин арттырыў сыяқлы бағдарларда 2026-жылы мәмлекеттеги конституциялық нызамлылықты тәмийинлеў бойынша системалы жумысларды даўам еттиреди.
Норгул Абдураимова, ӨзА