BYD электромобиль базарында жетекши

Қытайдың BYD компаниясы 2025-жылдың жуўмақларына бола Илон Маск басшылығындағы Teslaны артта қалдырып, дүньядағы ең ири электромобиль ислеп шығарыўшысына айланды. BYD жыл даўамында жәми 2,26 миллион толық электр автомобиль сатқан болса, Tesla 1,63 миллион дана ғана қалған. Tesla саўдалары әсиресе жыл ақырында төменлеген ҳәм улыўма нәтийжелер 2024-жылға салыстырғанда 9 процентке азайған.
BYDның раўажланыўы Қытай автомобиль санаатының глобаллық бәсекиде басымлық етип атырғанын көрсетеди. Компания гибрид автомобильлер, электр автобуслар ҳәм жүк машиналары саўдасын да арттырып, барлық түрдеги автомобильлер бойынша 4,55 миллион дана нәтийжеге ерискен. Буның менен BYD тек ғана айырым кварталларда емес, ал 2025-жылда толық электр модельлер ислеп шығарыўда да Teslaны артта қалдырды.
Teslaның төменлеўи болса АҚШ сиясаты, атап айтқанда Трамп дәўиринде электромобильлерди хошаметлеўши субсидиялар ҳәм экологиялық қағыйдалардың бийкар етилиўи менен байланыслы. Соның менен бирге, BYDдиң табысы Қытай компанияларының глобаллық электромобиль базарында күшейип атырғанын көрсетеди.
Мадинабону Насриева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзА