2025-жылы Өзбекстан экспорты $33,4 миллиард долларға жетти

22

Өткен жылы Өзбекстан экспорты $33,4 миллиард долларға жетип, 2024-жылға салыстырғанда 23 процентке артты. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, экспорт географиясы 131 мәмлекетти қамтып алды. 2026-жылы бул көрсеткиш $40 миллиард долларды қураўы күтилмекте.

Экспорт көлеминиң өсиўи, бәринен бурын, жаңа бағдарлар есабынан тәмийинленди. Соның ишинде, IT-хызметлер  $940 миллион доллар, туризм $5,0 миллиард доллар, сондай-ақ, азық-аўқат өнимлери ҳәм қурылыс материалларының ҳәр бири $1,1 миллиард долларды қурап, экспорттың әҳмийетли дереклерине айланды. Бул бағдарлар экспорт қурамының турақлы кеңейиўин ҳәм диверсификациясын тәмийинлемекте.

Өткен жылы Өзбекстанда өзлестирилген инвестициялардың улыўма көлеми 43,1 миллиард долларға жетип, 2024-жылға салыстырғанда 24 процентке артты. Тийкарғы үлести тиккелей сырт ел инвестициялары – $38,2 миллиард, сондай-ақ, халықаралық финанс институтларының қаржылары – $4,9 миллиард қурады.

Өзбекстан базарына жетекши жәҳән брендлериниң кирип келиўи ҳәм Қытай, Россия, Түркия, Саудия Арабстаны ҳәм БАӘ менен бирге ислесиўдиң избе-из раўажланыўы инвестициялық исенимниң артып баратырғанынан дерек беретуғынын атап өтиў керек.

Гўзал Сатторова, ӨзА