Таңлаўда ең қәбилетлилер анықланды

39

Нөкистеги 55-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Санлы әўлад қызлары” таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы шөлкемлестирилди.

Жәмийетте ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, олардың санлы технологиялар бағдарындағы билимлерин байытыў ҳәм бул бағдарда жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде өткерилип атырған таңлаўда қатнасыўшылар 16 – 20 жас ҳәм 21 – 30 жас категориялары бойынша беллеспекте.

2021-жылдан берли дәстүрий тәризде өткерилип киятырған бул таңлаў ҳаял-қызлардың мәлимлеме технологиялары тараўындағы билим ҳәм маманлығын арттырыў, оларды заманагөй кәсиплерге бағдарлаў және ислеп шығылған идея ҳәм жойбарларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған.

– Президентимиздиң 2025-жыл 15-майдағы “Балаларға мөлшерленген миллий контентлерди жаратыў ҳәм оларды ғалаба ен жайдырыўды қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында быйыл таңлаў жетилистирилди. Яғный санлы технологиялар, контент жаратыў менен байланыслы заманагөй кәсиплерди иелеўге қызығыўшылығы жоқары болған оқыўшы-жасларды қоллап-қуўатлаў, таңлап алыў мақсет етилген. Сол себепли енди “Санлы әўлад қызлары” таңлаўы да усы баслама шеңберинде өткериледи ҳәм таңлаў жеңимпазлары сырт мәмлекетлерге билимлендириў сапарына жибериледи. Қуўанышлы тәрепи, республикамызда быйылғы таңлаўда қатнасыў ушын 6 мың 122 қатнасыўшы дизимнен өткен. Талабанлар тәрепинен билимлендириў бағдарында 1 мың 968 жойбар, жасалма интеллект бойынша 2 мың 175 жойбар, климаттың өзгериўи бойынша 862 жойбар ҳәм жасыл экономика бағдарына байланыслы 1 мың 117 жойбар усынылды. Қатнасыўшылар арасында мектеп оқыўшылары, студентлер, МКТ тараўына қызығыўшы студентлер бар, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги Мәлимлеме коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм санластырыў секторы баслығы Бегдияр Тлеуов.

Таңлаў қатнасыўшыларының жойбарлары тараў қәнигелери, мектеп ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары тәрепинен баҳаланып барылмақта. Өткен жылы ноябрь айында таңлаўдың район (қала) лық басқышы болып өткен еди. Бул басқышта ең жақсы деп табылған ҳәм жоқары баҳаланған 124 қатнасыўшы жойбары Қарақалпақстан Республикасы басқышына усыныс етилди.

Процессте төрешилер қурамы тәрепинен ҳәр бир қыздың жойбарлары тийисли тәртипте баҳаланбақта. Жуўмағында жеңимпазлар таңлаўдың Республикалық басқышында қатнасады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги