Иранда наразылық акциялары күшеймекте

Иранда ҳүкиметке қарсы көтерилислер 10 күннен берли даўам етпекте. Мағлыўматларға бола, ҳәзирги ўақытқа шекем кеминде 29 адам қурбан болған.
Айырым дереклерде мәмлекетте биринши мәрте бир қала орайлық ҳәкимият қадағалаўынан шыққаны айтылып атыр. Мәлим етилиўинше, ол жерде полиция имараты да ийелеп алынған, күш ислетиўши структуралар қарсылық көрсете алмаған. Ҳәттеки, айырым хызметкерлер де наразы пуқаралар тәрепине өткени айтылмақта. Бирақ бул мағлыўматлар ҳәзирше рәсмий дереклер тәрепинен тастыйықланбаған.
Соның менен бирге, қәўипсизлик күшлери оларды тарқатыў ушын оқ-дәри ҳәм көзди жасландырыўшы газ қолланған. Соған қарамастан, наразылықты толық бастырыўға елеге шекем ерисилмеген.
Ирандағы инсан ҳуқықлары белсендилериниң мағлыўматларына бола, наразылық акциялары 27 ўәлаяттағы 88 қаланы қамтып алған. Кеминде 1200 шахс қолға алынған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги