Әдиллик ҳәм жәриялылық: көшпели суд нәтийжелери
43

Жынаят ислери бойынша Бозатаў районы судының тергеў судьясы Қ.Қыпшақбаев тәрепинен Әмиўдәрья районындағы мәмлекетлик салық инспекциясы имаратында ашық көшпели суд мәжилиси өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексинде көрсетилген ҳуқықбузарлықларды ислегени ушын айыпланған 21 шахсқа топланған ис материаллары көрип шығылды ҳәм тийисли тәртипте нызамлы жаза тайынланды.

Өткерилген бул ашық суд мәжилиси елимизде ашық-айдынлықты тәмийинлеў, әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың конституциялық ҳуқықлары менен еркинликлерин суд арқалы исенимли қорғаў ҳәм олардың нызамлы мәплерин тәмийинлеў бағдарындағы алып барылып атырған реформалардың айқын көриниси болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги