Ислеп шығарыўшы кәрхана ҳәм шөлкемлерге экологияға зыян жеткермеўи ушын қандай миннетлеме жүклетилген?

Ҳуқықый қатнас
Бизге белгили, ҳаўаның патасланыўы инсан саламатлығына унамсыз тәсир көрсетип, аллергия ҳәм дем алыў системасы кеселликлерин келтирип шығаратуғын себеплерден бири болып есапланады. Сонлықтан, мәмлекетимизде атмосфера ҳаўасына шығып атырған патасландырыўшы затлардың тасланыўының алдын алыў, оны кескин азайтыў бойынша анық илажлар әмелге асырылып келинбекте.
Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының хызметкери Имомали Туев бул бойынша төмендегише түсиник берди:
– Министрлер Кабинетиниң санаат кәрханаларының қоршаған орталыққа унамсыз тәсирин азайтыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққындағы 783-санлы қарарында жумысы атмосфера ҳаўасына патасландырыўшы затларды, биологиялық организмлерди, ыссыхана газлерин ҳәм озонды бузыўшы затларды шығарыў ҳәм оған физикалық факторлардың зыянлы тәсир көрсетиўи менен байланыслы болған кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер атмосфера ҳаўасына шығарылатуғын шығындыларды тазалаў ҳәм оған зыянлы физикалық тәсирди азайтыў ушын қурылмалар ҳәм әсбап-үскенелерден, сондай-ақ, олардың үстинен қадағалаў қуралларынан пайдаланыў ҳәм олардың ислеў қағыйдаларына әмел етиўи, сондай-ақ, жоқары нәтийжелиликке ийе шаң-газ тазалаў үскенелери ҳәм локал суў тазалаў қурылмаларды орнатыўы белгилеп қойылған.
Кәрханада экологиялық көрсеткишлерди жақсылаў ушын жоқары нәтийжелиликке ийе шаң-газ тазалаў үскенелери ҳәм жергиликли суў тазалаў имаратларын енгизиў ҳәм модернизациялаў жумыслары әмелге асырылады.
Мәселен, бул илажлар шеңберинде шығынды ағымларын толық қамтып алатуғын фильтрлеў қурылмаларын орнатыў тийкарғы технологиялық шешим сыпатында белгиленеди. Яғный, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң миннетлемелеринен бири, олардың қубырларына фильтрлеў үскенелерин орнатыўы белгиленген.
Гулноза Бобоева, ӨзА