Парламентлик қадағалаўдың нәтийжелилиги және де беккемленеди

23

Сенаттың және бир нызамшылық усынысы – парламентлик қадағалаў жумысының тийкарларын және де беккемлеўге қаратылған усыныс төменги палата мәжилисинде көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары менен “Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында”ғы Конституциялық нызамға Сенат комитетлери тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының Конституция ҳәм нызамларды, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы бойынша мәлимлемесин тыңлаў ўәкиллигин беккемлеўге қаратылған өзгерис киргизилмекте.

Сондай-ақ, “Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатының ҳәм Сенат ағзасының статусы ҳаққында”ғы нызамға дүзетиў киргизилип, депутат ҳәм сенатор палатаға есап бериўши уйым ямаса лаўазымлы шахстың есабаты ямаса мәлимлемесин тек ғана палата мәжилисинде емес, ал енди өзи ағза болған комитет мәжилислеринде де тыңлаў ҳаққында усыныс киргизиў ҳуқықы нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, “Парламентлик қадағалаў ҳаққында”ғы нызамның тийисли статьяларына өзгерис киргизилмекте. Оған бола, Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаттың комитетлери тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының Конституция ҳәм нызамларды, Олий Мажлис палаталары ҳәм олардың уйымлары қарарларын, мәмлекетлик бағдарламаларды орынлаў, сондай-ақ, өзлерине жүкленген ўазыйпалар менен функцияларды әмелге асырыў бойынша мәлимлемесин тыңлаў ўәкиллиги анық белгиленбекте.

Соның менен бирге, “Министрлер Кабинети ҳаққында”ғы нызамға да өзгерислер киргизиў усыныс етилмекте. Яғный, комитет мәжилислеринде мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының мәлимлемесин тыңлаўда Ҳүкимет тийисли басшылардың қатнасыўын тәмийинлейтуғыны сәўлеленбекте.

Атап өтилгениндей, нызам жойбары Олий Мажлис палаталарының парламентлик қадағалаўға байланыслы ўәкилликлерин беккемлеў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының өз жумысы бойынша жуўапкершилигин ҳәм есап бериўин арттырыўға және Конституция ҳәм нызамлар, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы бойынша парламент тәрепинен системалы қадағалаў орнатылыўына хызмет етеди.

ӨзА