«Жасыл» раўажланыў ҳәм суў сиясаты – келешек алдындағы жуўапкершиликли ўазыйпа

42

Бүгин пүткил Жер планетасында суў тамтарыслығы әҳмийетли машқалалардан бирине айланып бармақта. Сонлықтан, бул бағдарда анық бағдарламалар шеңберинде әҳмийетли илажлар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының парламент ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында да экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, “жасыл” энергетика ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бағдарында бир қатар ўазыйпалар алға қойылды.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының ағзасы Гулчеҳра Тожибоева “жасыл” энергия дереклерин раўажландырыў ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бағдарындағы әмелий ҳәрекетлер ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирди:

– Бүгин дүньяда климаттың өзгериўи, энергия ресурсларының шекленип баратырғаны ҳәм суў тамтарыслығы сыяқлы қыйын машқалалар барған сайын күшеймекте. Бундай шараятта ҳәр бир мәмлекеттен узақты гөзлеп жумыс ислеў, анық есап-санақ ҳәм қатаң сиясий ерк-ықрар талап етиледи. Усы мәниде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған “жасыл” экономикаға өтиў ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўға қаратылған реформалар заман талапларына толық жуўап береди.

Жақында жәми қуўатлылығы 3,5 мың мегаватт болған жаңа “жасыл” энергетика қуўатлықларының қурылысына старт берилди. Бул жойбарлар 2026-жылдың өзинде 7 миллиард куб метр тәбийғый газди үнемлеў, сондай-ақ, ҳаўаға 11 миллион тонна зыянлы шығындылардың шығыўының алдын алыў имканиятын береди. Бул болса энергетикалық қәўипсизликти беккемлеў менен бирге экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта дүнья көлеминде суў тамтарыслығы машқаласы барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Соның ушын Өзбекстанда реформалардың дәслепки күнлеринен-ақ суўдан ақылға уғрас пайдаланыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Келеси үш жылға мөлшерленген, баҳасы 5,5 миллиард доллар болған комплексли бағдарлама суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, суў имаратларын модернизациялаў ҳәм суўғарыў системаларын жетилистириўди нәзерде тутады.

Бул бағдарлама шеңберинде суўды үнемлейтуғын технологиялардың қамтып алыныўы 61 процентке, яғный 2,6 миллион гектарға жеткериледи. Нәтийжеде жылына 2,5 миллиард куб метр суў үнемленеди, атмосфераға шығатуғын пуў газлериниң көлеми болса 200 мың тоннаға қысқарады. Бул бағдарға 2026-жылдың өзинде 3 триллион 300 миллиард сум қаржы қаратылыўы режелестирилген.

Сондай-ақ, 1 мың 300 километр ири магистраль каналларды бетон менен қаплаў жумыслары әмелге асырылып, бул арқалы қосымша түрде жылына 500 миллион куб метр суўды үнемлеў имканияты жаратылады. Ашық дренаж ҳәм коллекторларды жабық системаға өткериў бойынша да айрықша бағдарлама қабыл етилип, оның дәслепки басқышы ушын 2026-жылы 100 миллион доллар ажыратылады.

Қашқадәрья ўәлаятындағы “Пахтаобод” каналын басымлы қубыр системасына өткериў бойынша 134 миллион долларлық жойбар болса бул бағдардағы ири ҳәм әҳмийетли қәдемлерден бири болып есапланады. Бул арқалы 20 мың гектар жаңа егислик майданы ашылып, және 25 мың гектар жер кепилликли суў менен тәмийинленеди.

Қалаларда “жасыл” аймақларды кеңейтиў, микроклиматты жақсылаў да мәмлекетлик сиясатта айрықша орын ийелейди. Соның ишинде, 160 миллион долларлық бағдарлама шеңберинде Ташкент қаласында 150 километр жабық дренаж системасы қурылады, 197 километр канал ҳәм коллекторлар оңланады, 63 километр жаңа каналлар қурылады. Бул жумыслар қалада салқын ҳәм турақлы екологиялық орталық жаратыўға хызмет етеди.

Жуўмақлап айтқанда, “жасыл” энергия дереклерин раўажландырыў ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўға қаратылған бул реформалар бүгинги күнниң талапларынан келип шыққан ҳалда келешек әўладтың мәплерин тәмийинлеўге хызмет етеди. Бул басламалар Өзбекстанның турақлы раўажланыў, экологиялық қәўипсизлик ҳәм экономикалық өсиў жолында исенимли алға илгерилеп атырғанын айқын көрсетеди.

ӨзАныӊ хабаршысы

Муҳтарама КОМИЛОВА.

жазып алды.