Ташкент қаласында Көп функциялы инклюзив-ресурс орайы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда биреўден Көп функциялы инклюзивлик-ресурс мектеплери шөлкемлестириледи

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балаларға сапалы билим алыў имканиятын жаратыў, оларды жәмийетке интеграциялаў ҳәм индивидуаллық раўажланыўын қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында” қарар қабыл етти.
Оған муўапық, Ташкент қаласында Социаллық қорғаў миллий агентлиги системасындағы Көп функциялы инклюзивлик-ресурс орайы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда биреўден айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балалар ушын қәнигелестирилген мектеп ямаса мектеп-интернатлар негизинде Көп функциялы инклюзивлик-ресурс мектеплери шөлкемлестириледи.
Қарарға бола, төмендегилер Инклюзивлик орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:
айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балалардың имканиятлары ҳәм талапларын есапқа алған ҳалда оқытыў ҳәм кәсипке үйретиў, оларды инклюзивлик билимлендириў орталығына таярлаў ҳәм социаллық бейимлестириў;
айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балалардың индивидуаллық билимлендириў режелери ҳәмде индивидуаллық раўажланыў карталары бойынша талапларды ислеп шығыў, тәжирийбеден өткериў ҳәм орынларда енгизилиўин мониторинг етип барыў;
мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлеринде, соның ишинде, инклюзивлик билимлендириў жолға қойылған мектеплерде айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балалар менен ислейтуғын педагогларға орынларға шығып әмелий жәрдем көрсетиў ҳәм көшпели оқыў-семинарлар өткериў;
арнаўлы педагоглар ушын әмелий стажировка ҳәм оқыў-семинарларды шөлкемлестириў;
арнаўлы педагоглардың жумысына талапларды белгилеў, олардың билим ҳәм көнликпесин баҳалаў методологиясын ислеп шығыў ҳәмде кәсиплик сертификатлаў;
айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балалардың билим алыўы ушын заманагөй методикалар, оқыў-дидактикалық материаллар ҳәм ассистив қуралларды тәжирийбе-сынақтан өткериў ҳәм әмелиятқа енгизиў;
айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде оларға реабилитациялық, коррекциялық ҳәм психологиялық-педагогикалық хызметлерди көрсетиў.
Инклюзив мектеплердиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:
айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балалардың имканиятлары ҳәм талапларын есапқа алған ҳалда оқытыў ҳәм кәсипке үйретиў, оларды инклюзив билимлендириў орталығына таярлаў ҳәм социаллық бейимлестириў;
арнаўлы педагогларға орнына шығып әмелий жәрдем көрсетиў ҳәм көшпели оқыў-семинарлар өткериў;
арнаўлы педагоглар ушын әмелий стажировка ҳәм оқыў-семинарларды шөлкемлестириў;
айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде коррекциялық ҳәм психологиялық-педагогикалық хызметлерди көрсетиў;
айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балалардың ата-аналары ушын педагогикалық ҳәм психологиялық көнликпелерди арттырыўға қаратылған арнаўлы курсларды шөлкемлестириў.
2026-2027-оқыў жылынан баслап Инклюзивлик орай қурамында тәжирийбе-сынақ тәризинде инклюзивлик-коррекциялық мектеп жумысы жолға қойылады ҳәм онда билимлендириў процеси төмендеги тәртипте шөлкемлестириледи:
баслаўыш класслар ушын оқыўшыларды бейимлестириў, билимлендириў ҳәм қарым-қатнас көнликпелерин қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў, сондай-ақ, индивидуаллық билимлендириў режеси тийкарында коррекциялық ҳәм қосымша сабақларды өз ишине алған инклюзивлик класслардың жумысы жолға қойылады;
орта ҳәм жоқары классларда индивидуаллық билимлендириў режеси тийкарында пән, кәсип ҳәм коррекциялық шынығыўлар өткериледи;
инклюзивлик-коррекциялық мектептиң орта ҳәм жоқары классларында айрықша билимлендириў мүтәжликлерине ийе болған 8 оқыўшы ушын 1,0 бирлик есабынан педагог лаўазымы, басланғыш инклюзивлик классларда 14 оқыўшы ушын 1,0 бирлик есабынан педагог лаўазымы, орта ҳәм жоқары классларда 20 айрықша билимлендириў мүтәжликлерине ийе болған оқыўшылар ушын 1,0 бирлик есабынан жәрдемши педагог лаўазымы штат бирликлери ажыратылады.
Инклюзивлик орайда жумыс алып барып атырған техникалық ҳәм хызмет көрсетиўши хызметкерлердиң лаўазым айлықларына 50 процент, қалған барлық хызметкерлердиң лаўазым айлықларына 100 процент муғдарында бюджет қаржылары есабынан ҳәр айлық үстемелер төленеди.
Инклюзивлик орай айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған балалардың индивидуаллық билимлендириў режелери ҳәм индивидуаллық раўажланыў карталарын арнаўлы мектеплерде енгизилиўи ҳәм жүргизилиўин таллап барады ҳәм орынларға шыққан ҳалда үйренип барады.
Инклюзивлик орайда:
улыўма билим бериў мектеплериниң инклюзивлик классларында билим алыўшы майыплығы болған оқыўшылар ушын тийкарғы мектептеги сабақларына қосымша пән, кәсип ҳәм коррекциялық шынығыўлар жолға қойылады;
2026-жыл 1-октябрьден баслап мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлериниң арнаўлы педагоглары ушын әмелий стажировкалар шөлкемлестириледи.
2027-жыл 1-январьдан баслап Инклюзивлик орайда мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлери арнаўлы педагогларының билим ҳәм көнликпесин баҳалаў ушын арнаўлы педагогларды кәсиплик сертификатлаў системасы енгизиледи.
ӨзА