Дизимге алыў илажлары халықтың турмысын жақсылаўға хызмет етеди

15

 

2025-жылдың 19-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен “Өзбекстан Республикасында халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажын өткериў ҳаққында”ғы ПП-173-санлы пәрманы қабыл етилди. Усы пәрманға муўапық, Өзбекстанда 2026-жыл 15-январьдан 28-февральға шекемги аралықта халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажлары өткериледи.

Бул процесс мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўын стратегиялық режелестириўде үлкен әҳмийетке ийе.

Илаж еки басқышта әмелге асырылады.

Дәслепки басқышы 15-31-январь күнлери аралығында өткерилип, пуқаралар “census.stat.uz” порталы арқалы (физикалық шахстың жеке идентификация номери) жәрдеминде онлайн дизимнен өтеди. Усы басқышта топланған мағлыўматлар 3 күн ишинде анализ етиледи. Кейинги басқышы 4-28-февраль күнлери аралығында өткерилип, онда “мәҳәлле жетилиги” ҳәм басқа да белсендилер үйме-үй жүрип керекли мағлыўматларды топлайды.

Бул арқалы – халық ҳаққында толық мағлыўмат жыйнаў, яғный шаңарақлардың қурамы, ондағы жаслардың ҳәм кекселердиң үлеси, билимлендириў дәрежеси, бәнтлик жағдайы ҳәм миграция процесслери бойынша мағлыўматлар топланады. Соның менен бирге, аўыл хожалығындағы жағдай – жерден пайдаланыў, шарўашылық ҳәм қусшылық көрсеткишлери анықланады.

Дизимге алыў илажларының қыс мәўсимине мөлшерленгени де қолайлылық жаратады. Себеби, бул дәўирде халық көп ҳәрекетленбейди, аўыл хожалығында мәўсимлик жумыслар азаяды. Бул болса фермерлер менен дийқанлар ушын да мағлыўмат бериўде жеңиллик жаратады.

Ең әҳмийетлиси – дизимге алыў процесси тек ғана санларды жыйнаў ушын емес, ал пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаўға хызмет ететуғын әҳмийетли қарарлар қабыл етиў ушын тийкар болады.

Ҳәзирги ўақытта орынларда дизимге алыўға таярлық жумыслары қызғын алып барылмақта. Мәҳәллелерде, мектеплерде ҳәм билимлендириў шөлкемлеринде халыққа дизимге алыўдыӊ мазмун-мәниси ҳәм мақсетлери ҳаққында түсиниклер берилмекте.

 

Темирбай Ғаниев,

Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги