МОБ: жуўапкершилик, пидайылық ҳәм ҳадаллық сүрени астында

24

Бүгинги күнде Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен мәмлекетимиздиң, пуқаралардың мәпи жолында ҳүжжетлер орынланып, әмелде әдил судлаўды тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Системада жумыс алып барып атырған хызметкерлер судлар ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў жумысы даўамында алимент, салық, банк, мәмлекет ҳәм пуқаралардың пайдасына өндириўлерди, үйге киргизиў, үйден шығарыў, баланы алып бериў, бала менен көрисиў, жумысқа тиклеў, мийнет ҳақыларын өндириў ҳәм усы сыяқлы 2 мың 500 ден аслам мүлклик емес түрдеги орынлаў ҳүжжетлерин әмелге асырып келмекте.

Соннан, 297 си бала менен көрисиў ямаса баланы алып бериў, 58 и жумысқа тиклеў менен байланыслы болса, 1 619 ы нызамсыз қурылмаларды бузыў ҳәм миннетлеме жүклеў, 187 и үйге киргизиў ҳәм үйден шығарыў, 369 ы даўаны тәмийинлеў сыяқлыларды қураған.

– Соны айрықша атап өтиў керек, жылдан-жылға атқарыў системасының жетилистирилип атырғаны да күтилген нәтийжени бермекте. Соның ишинде, мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 3-январьдағы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў системасын реформалаў ҳәм тараўды санластырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилгени МОБға  жүкленген ўазыйпалардың және де нәтийжели орынланыўына тийкар болды, – дейди Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Ислам Арзиев. – Бул ҳүжжет пенен тараўға бир қатар жаңалықлар енгизилип атырғаны нәтийжесинде, жумыс нәтийжелилиги артып, барлық бағдарларда өндириўлердиң салмағы артты.

Алып барылған мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында 1 761 орынлаў иси бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл етилген болса, 830 ының әмелде орынланыўы тәмийинленди.

Бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги