Нөкис қаласының ыссылық тәмийнатын модернизациялаў жолында

25

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Саудия Арабстанының ири “Saudi tabreed” компаниясының бас директоры Сулиман Ал-Хливи қатнасыўында видеобайланыс арқалы ушырасыў болып өтти.

Онда тәреплер Нөкис қаласының бар болған ыссылық тәмийнаты инфраструктурасын модернизациялаў, энергия нәтийжелилигин арттырыў , заманагөй ҳәм экологиялық таза технологияларды енгизиў мәселелерин додалады. Сондай-ақ, жойбар шеңберинде инвестицияларды тартыў, алдынғы халықаралық тәжирийбени қолланыў ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша пикирлести.

Компания бас директоры Сулиман Ал-Хливи өз гезегинде орайласқан ыссылық тәмийнаты тараўында әмелге асырылған табыслы жойбарлар тәжирийбеси ҳаққында айтып берип, Нөкис қаласында бул бағдарда перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға қызығыўшылық билдирди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер келешекте техникалық-экономикалық тийкарларды ислеп шығыў, маман қәнигелер дәрежесинде сөйлесиўлерди даўам еттириў бойынша келисимге еристи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги