“Сиз енди керек емессиз”: Жаңа жыл сүўретлерин салған художниктиң ашшы тәғдири

25

Қарқыз тыйынларды конфет пенен сыйлап атыр, айыў ҳәм қоян пилди шанада ушыўға үйретип атыр, гномлар шыршаға минип алып, ойыншықларға қол созып атыр… Адамларға қуўаныш бағышлаған, айырымлар ушын оғада қәдирли болып қалған почта бетлеринде сәўлеленген бул сүўретлердиң авторы Владимир Зарубин екенин көпшилик билмейтуғын шығар. Өз дәўиринде ол салған сүўретлер 1,5 миллиард нусқадан артық конверт формасында басып шығарылады, бирақ художник дерлик жарлылықта қайтыс болады.

“Алмалы” ат

Владимир Зарубин 1925-жылы Россияның Орел ўәлаятындағы “Андриановка” аўылында туўылған: ол шаңарақта үшинши перзент еди. Үлкен улы Вениамин техника менен шуғылланыўды жақсы көретуғын еди, ортаншысы Андрей қосық жазатуғын еди, Володя болса сүўрет салыўды жақсы көретуғын еди.

Бес жасар художниктиң ең биринши “шығармасы” үлкенлерди таң қалдырады: альбом бетинде жуўырып баратырған алмалы ат сүўретленген еди. Сүўрет қолдан-қолға өтти, ҳәмме баланы мақтайды… Ҳайўанлар ҳәм ҳәзил-күлки Зарубин дөретиўшилигинде пүткил өмир бойы тийкарғы тема болып қалды.

Володяның балалығы бахытлы өтти: шаңарақта ҳәмме бир-бирин жақсы көретуғын еди, ата-анасы перзентлериниң ҳәр қандай басламасын қоллап-қуўатлайтуғын еди. Бирақ 1941-жылы ертек тамам болды: урыс басланды. Тилекке қарсы, екинши жер жүзилик урыс дәўиринде тәғдирдиң бурылысы менен Зарубинлер шаңарағы дүнья бойлап тарқалып кетеди. Үлкен уллар фронтқа, кишкенеси болса тутқынға алынып, аўылласлары менен бирге Германиядағы балалар лагерине жибериледи.

Володя ушын бул ҳақыйқый дозақ еди: жигит кыйналыўдың азабын басынан өткерди, өлимге бир мәўрит жақын қалды: тек бир кәрамат себепли ғана Зарубинди атып тасламады. Ақырында, 1945-жылы барлық тутқынлар азат етилди. Владимир үйине қайтып, заводқа жумысқа кирди. Кешки мектепке, кейин университетке оқыўға кирди ҳәм әлбетте сүўрет салыўды даўам етти. Ол заводта художник, нәўбетши уста, жарамсыз өнимлерди анықлаўшы, слесарь, ҳәттеки краншы болип та иследи. Бәлким, әжайып кәсиплер топламы усының менен тамамланбаған болар еди, бирақ бир күни Зарубин бир дағазаға көзи түсти: “Союзмультфильм” студиясына мультипликаторлар курсларына тыңлаўшылар қабыл етиледи”.

Владимир заводтан иркилместен кетти: ол өмириниң ақырына шекем агитплакатлар салыў нийетинде емес еди. Тез арада оның пүткиллей басқаша өмири басланды.

“Бремен музыкантлары”ндағы изқуўар

Зарубин студияның басқа художниклери менен биргеликте жәми 103 мультфильм ушын сүўретлер салған. Әсиресе, оның “Маугли” ҳәм “Бир минут күтиң” мультфильми ушын салған сүўретлери әдеўир белгили болды. Әйне Владимир “Бремен музыкантлары”ндағы изқуўарды ойлап тапқан. Белгили “Ну, погоди!” мультсериалы да Зарубинниӊ қатнасыўысыз болмаған: ол дәслепки еки бөлим үстинде ислеген команданың қурамында еди.

Студияда ол ең жақсы мультипликаторлардан бири есапланатуғын еди. Тек ғана бул оған қаншелли қымбатқа түсип атырғанын ҳеш ким билмейтуғын еди. Кейин ала, Владимирдиң баласының айтыўынша, әкеси бар күшин сүйикли жумысына бағышлаған. Бирақ, бул жумыс жүдә қурамалы еди: еки от арасында жасаўға туўра келетуғын еди.

Бир жағынан Зарубинди дөретиўши адамлар қоршап алған, олардың ҳәр бириниң өзине тән ерси әдетлери бар еди. Ал екинши тәрептен жоқарыдан жобалар ҳәм қағыйдалар түсирилетуғын еди, стол бәрқулла жүк хатлары ҳәм атқарыў ҳүжжетлери менен толы еди. Тилекке қарсы, студияда жоқары мәртебели ата-аналардың таланттан пүткиллей жырақ, бирақ өзлерин гений деп есаплайтуғын балалары да бар еди.

Владимир почта бетлеринде сәўлеленген сүўретлерди тосаттан салып баслаған. Мультипликатордың режелер ҳәм қатаң мүддетлерге толы қыйын турмысы оны шаршататуғын еди. Сонда художник бир ўақыттың өзинде сүйикли жумысы менен шуғылланыўға ҳәм қурамалы жумыстан шалғыўға имкан беретуғын хобби табыўға қарар етти.

Зарубинниң почта қағазы ушын салған биринши сүўрети 1962-жылы көплеген белгили маркаларының авторы Юрий Ряховский редакциясы астында шықты. Владимир соннан бери усылай жасады: күндиз студияда иследи, ал түнлерде өзиниң қоянлары, қарборанлары ҳәм тыйынларын ойлап таўып, сызатуғын еди.

Сүўретлердиң идеологиялық жарамлылығын анықлайтуғын комиссия ағзаларын Зарубинниң жумыслары көбинесе басы берк көшеге түсиретуғын еди. Олар сүўретлерди мудамы дәўир көзқарасынан талқылайтуғын еди: “Тоғайда “Ау!” деп бақырып атырған айыўды қай жерде көргенсиз?”, “Ийтлер еки аяқта жүре ме?”… Бундай сын пикирлер, әлбетте, тек Зарубинге қаратылмаған еди: оннан алдын Корней Чуковскийдиң ертеклерине “жабысқан” еди. Әмелдеги идеологиялық дүзим көплеген дөретиўшилерге кесент беретуғын сыяқлы, сол себепли Зарубинниң сүўретлери де көбинесе басылмай қалатуғын еди.

Бийкарлаў жуўапларына дус келген художник ҳәр сапары қапа болатуғын еди. Оның ушын ҳайўанлар тири, ҳақыйқый сыяқлы еди. Бир сапары оны қыста кирпитикен өз жубайына қоразқанд саўға етип атырған сүўретти қайта сызыўға мәжбүр етти.

“Сизиң жумысларыңыз енди керек емес”

Көп өтпей Зарубин хоббиниң орнына және бир асаў “жумыс” арттырып алғаны белгили болды: ертек тәризли сюжетлер ҳаққындағы сынларды еситиў оған аўыр ҳәм жағымсыз еди. Художник дерлик күни-түни ислейтуғын еди, бирақ сүйикли жумысларының ҳеш биринен ўаз кеше алмас еди. 1973-жылы ол биринши инфарктти басынан өткерди. Соннан кейин, Зарубин студияда кемирек көринетуғын болды, өз үйинде ислеўди абзал көрди. Ўақыт өтип, пүткиллей жумыстан босайды ҳәм почта миниатюраларына өтеди.

1990-жылларда художник және аўыр сынақларға дус келеди. Турмыс тезлик пенен өзгерип атыр, 70 жаста жаңа заманға бейимлесиў аңсат емес еди. Зарубин сүўрет салыўды даўам етти: өзи ушын – пейзажлар, пул табыў ушын – откриткалар. Оның баласы өз еске түсириўлеринде айтыўынша, әкесиниң жумыслары бәрқулла талапқа ийе болыўда даўам еткен. Зарубин менен бирге ислескен киши баспа оның арқасында аяққа турып алған еди.

Бирақ ол жерде художникке жүдә жаман мүнәсибетте болды: гонорарларды кешиктирип, оның жумыслары енди ҳеш кимге керек емеслигин, сүўретлерди тек ғарры художникке рейими келгенликтен алып атырғанына ымлайтуғын еди.

Күнлер өтип Зарубинге пулды улыўма төлемей қойды, бирақ жаңа сүўретлерди талап етиўди даўам ете берди. Бир жыл даўамында ол ҳеш қандай гонорар алмады. Күтиўден шаршап, ақыры қоңыраў етти ҳәм жуўап ретинде мынадай сөзлерди еситти:

– Сизге ақша да төлемеймиз, фирма банкрот болды!

Усы сәўбетлесиўден кейин художник үшинши мәрте инфаркт болды ҳәм ҳаялы менен баласының қолында қайтыс болды. Ҳаялы оннан кейин тек бир жыл жасады. Кейинирек мәлим болыўынша, баспа өз жумысын даўам еткен екен…

Зарубин тәрепинен исленген сүўретлер бүгинги күнде де қәдирли. Айырымлары сийрек ушырасатуғын ҳәм оғада қымбат болып есапланады. Оның ҳәр бир сүўретине итибар берсеңиз, байрам орталығына сүңгип кетесиз: тыйынлар күлмекте, қоянлар қосық айтпақта, айыў гитара шертпекте, Қарбаба ҳәм Қарқыз саўғалар тарқатпақта… Зарубин өзиниң ҳайўанларын салып атырып, бул адамлардың аз да болса, мийримлирек болыўына жәрдем береди деп үмит еткен.

Ө.Алимов таярлады.

ӨзА