Швейцария Мадуроның байлықларын “музлатты”

Швейцария ҳүкимети Венесуэланың бурынғы басшысы Николас Мадуро ҳәм оған байланыслы шахслар атына рәсмийлестирилген барлық активлерди дәрҳал “музлатыў” ҳаққында қарар қабыл етти.
Атап өтилиўинше, Федерал кеңес қәўипсизлик илажы сыпатында Мадуро ҳәм оның жақын топарына тийисли шахслардың Швейцарияда болыўы мүмкин болған мүлклерин төрт жыл мүддетке музлатыўға қарар еткен. Ҳәзирше активлер ямаса олардың муғдары ҳаққында ҳеш қандай мағлыўмат берилмеген.
– Федерал кеңес ҳәзирги жағдайда нызамсыз жол менен арттырылыўы мүмкин болған активлер Швейцариядан алып шығып кетилмеўин тәмийинлеўди қәлейди, – делинеди рәсмий деректе.
Еслетип өтемиз, Швейцария 2018-жылдан берли Венесуэлаға қарсы санкциялар енгизип келмекте. АҚШ, Канада ҳәм Европа Аўқамы болса 2017-жылы-ақ Каракас пенен финанслық ҳәм экономикалық байланысларға шеклеўлер киргизген еди.
Егер келешектеги суд процесслеринде бул қаржылар нызамсыз жол менен қолға киргизилгени тастыйықланса, Швейцария оларды Венесуэла халқының мәплери жолында қайтарыўға ҳәрекет етеди.
Мусулмон Зиё, ӨзА