Дүрмендеги пал ҳәррешиниң тәжирийбеси

Пал жети ғәзийнениң бири дейди халқымыз. Ҳақыйқатында да шыпалы қәсийети менен неше әсирлерден берли белгили болып киятырған пал өнимин бүгинги күнде де халқымыз жақсы көрип пайдаланып келмекте.
Әсиресе, соңғы ўақытларда халқымыз арасында пал ҳәррешилик пенен шуғылланыўшы инсанлардың саны артып бармақта. Солардың бири әмиўдәрьялы Ҳайтбай Жуманиязов.
Әмиўдәрья районы Дүрмен аўылында жасаўшы Ҳайтбай Жуманиязов дерлик 10 жылдан берли пал ҳәррешилик пенен шуғылланып келмекте. Бүгинги күнде ол 100 пал ҳәрре қутысына ийе болып, бул тараўда жетерли тәжирийбе ҳәм табысқа ерискен.
Пал ҳәррешилик жумысы шаңарақлық мийнет тийкарында жолға қойылған болып, ҳәр бир процессте шаңарақ ағзалары белсене қатнасады. Мийнет сүйиўшилик, сабыр-тақат ҳәм дурыс қатнас нәтийжесинде сапалы ҳәм тәбийғый пал жетистирилмекте.
Бул жумыс тек ғана турақлы дәрамат дереги емес, ал шаңарақ абаданлығының артыўына, жас әўладтың мийнетке болған қызығыўшылығының қәлиплесиўине де хызмет етпекте.
Хайтбай Жуманиязовтың басламасы аўыллық жерлерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм сапалы өнимлерди ислеп шығарыў жолындағы жарқын үлгилерден бири болып есапланады.
– Шаңарақ ағзаларымыз бенен биргеликте пал ҳәрресин бағыў ҳәм олардан пал өнимин алыў менен шуғылланып келмектемиз. Пал ҳәррешилик көп мийнетти талап еткени менен оннан мол дәрамат табыўға болатуғын талап. Ҳәзирги ўақытта пал өниминиң килограмын 70 мыңнан ишки базарға шығарып сатып атырмыз. Мине усы шаңарақлық киши бизенстиң арқасында ул-қызларымызды оқытып, тойлар берип, оларды үйли-жайлы еттик. Сондай-ақ, үйимизге қуяш панелин орнатып, машина алдық. Булардың бәри елимизде Президентимиз тәрепинен исбилерменлерге жаратып берип атырған имканиятлар ҳәм мийнетлеримиздиң нәтийжеси деп билемен, – дейди Ҳайтбай аға.



Ҳәзир қыс мәўсими болғанлықтан пал ҳәрреси уйқыда. Оларды ерте бәҳәрде қолдан азықландырып, соң ерик гүллеген мәҳәлге таярлаў ушын Ҳайтбай аға тынып-тыншымай барлық таярлықларды ислеп қоймақта. Презентлери де оған қол-қанат болмақта. Бүгинги күнде шаңарақта 100 пал ҳәрре қутысы бар болса алдағы ўақытта 500 ге жеткериўди нийет етпекте. Әлбетте, пал ҳәрреси сыяқлы өзлери де тыным билмейтуғын әмиўдәрьялы исбилермен шаңарақ ағзалары усы мийнетлериниң арқасында заман менен теңдей аяқ қосып, жақсы жасап келмекте. Олардың бул мийнетсүйиўшилиги бәршеге үлги болса арзыйды.
Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги