Өткен жылға жуўмақ жасалып, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды

23

Пайтахтымызда Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Атқарыў комитетиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.

Илажда партияның Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен 2025-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар додаланып, 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Атап өтилгениндей, партия жумысының тийкарғы мақсети – халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиў, пуқараларды ойландырып атырған машқалаларға әмелий шешим табыўдан ибарат. Усы көзқарастан, 2025-жыл Қарақалпақстанда партия ушын нәтийжели жыл болды.

Бүгинги күнде партиядан Олий Мажлис Нызамшылық палатасында 3, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 22, қалалық ҳәм районлық Кеңеслерде 120 дан аслам депутат жумыс алып бармақта. Олар тек ғана сессияларда қатнасыў емес, ал өз сайлаў округлеринде халықты қыйнап атырған мәселелерди шешиўге айрықша итибар қаратпақта.

2025-жыл даўамында орынлардағы машқалаларды сапластырыў мақсетинде 400 ден аслам депутатлық сораўлары жиберилди. Жергиликли Кеңеслердиң сессияларына 119, турақлы комиссияларға болса 48 усыныс ҳәм басламалар киргизилди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслерде жуўапкер басшылардың есабатлары тыңланып, орынлаў тәртиби ҳәм жуўапкершиликти арттырыўға ерисилди.

Халық пенен ислесиўде “Депутат мәҳәлледе,” “Бир депутат – жүз ҳаялға жәрдемши” сыяқлы жойбарлар үлкен әҳмийетке ийе болды. Әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар менен ислесиў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелий нәтийжелерге ерисилди. Мыңлаған пуқаралардың мүрәжатлары орнында шешилди.

Соның менен бирге, партия ағзалары турақлы кеңейип бармақта. Быйылғы жылы 1850 ден аслам жаңа ағза қабыл етилип, 12 жаңа басланғыш партия шөлкеминиң жумысы жолға қойылды. Ҳәзирги күнде партия ағзаларының саны 138 мыңнан артты. Бул халықтың партияға болған исеними артып атырғанынан дерек береди.

Мәжилисте 2026-жыл ушын белгиленген ўазыйпаларға да айрықша итибар қаратылды. Президент Мүрәжатында белгилеп берилген тийкарғы бағдарлардан келип шыққан ҳалда, депутатлардың жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў, орынларда ашық-айдынлық ҳәм жуўапкершиликти күшейтиў, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларды системалы даўам еттириў белгиленди.

-2025-жыл партиямыз жумысында халық пенен пикирлесиўди жаңа басқышқа алып шыққан жыл болды. Депутатларымыз ҳәр бир мүрәжатқа әмелий қатнас жасап, анық нәтийжеге еристи. 2026-жылда да тийкарғы итибарды халықтың мәплерин қорғаў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм орынларда ашық-айдынлықты тәмийинлеўге қаратамыз, – деди Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң Аппараты баслығы А.Айбергенов мәжилис жуўамғында өз пикирлерин билдирип.

Мәжилис жуўмағында өткен 2025-жыл даўамында партияның жумысларында   белсендилик көрсеткен партия хызметкерлери хошаметленип оларға миннетдаршылық билдирилип, байрам саўғалары тапсырылды.


Илаж  партияның алдағы искерлигин және де нәтийжели шөлкемлестириў менен бирге халықтың исенимине мүнәсип хызмет етиўге қаратылған анық ўазыйпалардың белгилениўи менен жуўмақланды.

 

                                                                          Қарақалпақстан хабар агентлиги