Мобиль байланыс хызметлери бир жыл ишинде 9,8 процентке қымбатлайды

Ҳәзирги ўақытта мобиль байланыс хызметлери халықтың күнделикли турмысында үлкен әҳмийетке ийе болып бармақта. Интернет, қоңыраўлар ҳәм санлы хызметлерсиз билимлендириўди де, бизнести де, социаллық турмысты да көз алдымызға келтире алмаймыз. Сол себепли мобиль байланыс баҳаларындағы ҳәр қандай өзгерис халықтың кең қатламларына тиккелей тәсир етеди.
Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, 2025-жылдың ноябрь айында мобиль байланыс хызметлериниң баҳалары октябрь айына салыстырғанда орташа 0,5 процентке артқан. Ең итибарлы тәрепи сонда, жыл басынан берли бул хызметлер 9,8 процентке қымбатлаған.
Баҳалардың 9,8 процентке артыўы, бир қарағанда үлкен көрсеткиш болып көринбеўи мүмкин. Бирақ, турақлы түрде мобил байланыстан пайдаланатуғын халық ушын бул қәрежетлер сезилерли дәрежеде артыўына алып келеди. Айлық тариф режелериниң қымбатлаўы шаңарақлық бюджетке қосымша басым болыўы мүмкин, әсиресе бир шаңарақта бир неше абонент болса.
Соның менен бирге, қәнигелер мобиль байланыс базарында бәсекиниң бар екенлиги баҳалардың кескин артып кетиўин шеклеп атырғанын атап өтпекте. Операторлар абонентлерди сақлап қалыў ушын түрли акциялар, пакетлер ҳәм бонусларды усыныс етиўге мәжбүр.
Айырым жағдайларда тариф баҳалары арттырылған болса да, пакет көлеми кеңейтилиўи ямаса қосымша хызметлер киргизилиўи арқалы бул өсиў жумсартылмақта.
2025-жылдың басынан берли мобиль байланыс хызметлери баҳаларының 9,8 процентке артқаны экономикалық факторлар менен түсиндириледи. Бул процесс халықтың күнделикли қәрежетлерине тәсир етип атырған болса да, хызметлердиң сапасы ҳәм қамтып алыўының кеңейиўи менен теңлестирилмекте.
ӨзА