Шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Байрамбай Өтемуратов, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары Ўктам Саломов, профессор-оқытыўшылар ҳәм жуўапкер хызметкерлер қатнасты.
Мәжилисте жоқары билимлендириў системасында алып барылып атырған реформалар, олардың мазмун-мәниси, сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жоқары билимлендириў мәкемелериниң алдына қойылып атырған әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында мағлыўматлар берилип, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимий потенциалды беккемлеў, жасларды заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерге бағдарлаў мәселелери күн тәртибиниң тийкарғы бағдарлары сыпатында атап өтилди.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары Ў.Саломов шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына тийкарланып Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры лаўазымына Бердияр Жоллыбеков тайынланғанлығын рәсмий түрде жәриялады.
Министр орынбасары жаңа ректорды жәмәәтке таныстырып, оның жоқары билимлендириў системасындағы тәжирийбеси, басқарыў потенциалы ҳәм келешекте университеттиң раўажланыўы жолында әмелге асырыўы күтилип атырған тийкарғы ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтип, университеттиң аймақлық ҳәм республикалық көлемдеги абырайы, илим ҳәм билимлендириў тараўындағы орны және де беккемленетуғынына исеним билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов та өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жаңа ректорды жуўапкершиликли лаўазымға тайынланғаны менен қутлықлап, университет жәмәәтин алда турған әҳмийетли ўазыйпаларды биргеликте әмелге асырыўға шақырды. Ол билимлендириў мәкемесин ҳәр тәреплеме раўажландырыў, материаллық-техникалық базаны беккемлеў, билимлендириўдиң сапасын ҳәм илимий-изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине итибар қаратты.




Мәжилис даўамында университет жәмәәти ўәкиллери тәрепинен де пикир-усыныслар билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги