КХДР және ракета сынақларын өткерди

Арқа Корея басшысы Ким Чен Ин жаңа гипердаўыслы ракеталар сынағын жеке өзи бақлағанын мәлим етти. КХДРға қоңсылас мәмлекетлер бир күн алдын баллистикалық ракеталар ушырылғаны ҳәм бул гезектеги провокация екенин айтқан еди. Итибарлы тәрепи, сынақлар Қубла Корея президенти Ли Чжэ Мённың Қытайға, Си Цзиньпин менен саммитте қатнасыў ушын жөнеп кетиўинен бир неше саат алдын әмелге асырылған.
KCNA хабарына бола, екшемби күнги шынығыў гипердаўыслы қурал системасының жаўынгерлик таярлығын тексериў ҳәм мәмлекет әскерий бөлимшелериниң әмелий шеберлигин арттырыўға қаратылды.
Ким Чён Ин миллий қорғаныў ушын оғада әҳмийетли болған технологиялық ўазыйпаның табыслы орынланғанын тастыйықлаған ҳәм әскерий имканиятлар, әсиресе, ҳүжим қурал-жарақ системалары турақлы түрде жетилистирилип барылыўы шәрт екенлигин атап өткен.
Экспертлердиң пикиринше, егер Арқа Корея ҳақыйқатында да гипердаўыслы қуралға ийе болса, бул оған АҚШ ҳәм Қубла Кореяның ракетаға қарсы қорғаныў системаларын жарып өтиў имканиятын береди. Соңғы жыллары Пхеньян бул технологияны қолға киргизиў ушын бир қатар сынақлар өткерген, бирақ көплеген сырт елли қәнигелер сынақ ракеталары зәрүр тезлик ҳәм басқа да техникалық қәбилетлерге толық ерискенине гүман менен қарамақта.
Соңғы ҳәптелерде КХДР узақ аралыққа ушыўшы стратегиялық қанатлы ракеталарын да тексергенин билдирген. Сондай-ақ, үлке басылымлары биринши ядролық двигательли суў асты кемесиниң қурылысында сезилерли илгерилеўлер бар екенлигин көрсететуғын сүўретлерди жәриялады. Бақлаўшыларға бола, Пхеньян бул ҳәрекетлери арқалы ҳүким сүрип атырған Жумысшы партиясы қурылтайы алдынан қурал-жарақ тараўындағы жетискенликлерин көрсетиўди мақсет еткен.
Мәмлекетте соңғы ракета ушырылыўлары АҚШтың шемби күни Венесуэлада өткерген әскерий әмелиятынан кейин жүз берди. Усы операция нәтийжесинде Николас Мадуро ҳәкимияттан шетлетип, Вашингтонға алып кетилген ҳәм оған нарко-терроризм бойынша айыплаўлар қойылған. Арқа Корея бул әмелиятты кескин қаралап шықты.
Мусулмон Зиё, ӨзА