Иранда ғалабалық көтерилислер даўам етпекте

Иранда миллий валюта баҳасының кескин түсиўинен кейин басланған ғалабалық наразылық көтерилислери даўам етпекте. Атап өтилиўинше, бул митинглерде соңғы тоғыз күн ишинде кеминде 35 адам қайтыс болған, 1200 ден аслам пуқара қамаққа алынған.
“Human Rights Activists in Iran” ҳәм “HRANA” мағлыўматларына бола, декабрь айының ақырынан берли наразылық ҳәрекетлери мәмлекеттиң 27 ўәлаятындағы 88 қала ҳәм елатлы пунктлерди қамтып алған.

Тегерандағы орайлық базарда саўдагерлердиң ис таслаўы менен басланған митинглер 28-декабрьден берли даўам етпекте. 29-декабрь күни Иран миллий валютасы – риал курсы ең төмен дәрежени көрсеткен. Жәҳән банки мағлыўматларына бола, октябрь айында Иранда азық-аўқат инфляциясы 64 проценттен артқан.

Д.Ҳакимов, ӨзА