Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы 1-январьдан баслап мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў арқалы төленеди (+видео)

Бүгинги күнде Өзбекстанда социаллық тараўда әмелге асырылып атырған реформалар мәмлекеттиң экономикалық ҳәм социаллық турмысын беккемлеўде әҳмийетли орын ийелемекте. Атап айтқанда, 2025-жылы қабыл етилген “Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында”ғы нызам 2026-жыл 1-январьдан күшке кирди.
Нызам тийкарында ислеп шығылған жаңа системаның тийкарғы мақсети пуқараларды социаллық қорғаў менен кеңнен қамтып алыў, напақаларды ўақтында ҳәм автомат тәризде усыныў, бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў болып есапланады.
2026-жыл 1-январьдан ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қоры арқалы автомат түрде тайынланады ҳәм төленеди. 2026-жыл июльден баслап ўақтынша мийнетке жарамсызлық (кеселлик) напақасы да жаңа система арқалы әмелге асырылады.
Бул өзгерислер, бурын шетлеп өтилген жеке меншик сектордағы көплеген хызметкерлер, әсиресе, ҳаял-қызлар ушын социаллық кепилликлерди күшейтиўге қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланатуғыны менен әҳмийетли болып есапланады.
Социаллық қамсызландырыў системасы еки тийкарғы формада әмелге асырылады.
Мәжбүрий қамсызландырыў – мәмлекет бюджети арқалы киргизиледи (физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының бир бөлими есабынан). Ықтыярый қамсызландырыў – пуқаралардың өз қәлеўи менен төленетуғын қамсызландырыў төлеми, ең кем мийнет ҳақының 5 проценти муғдарында.
Бул механизм пуқараларға социаллық қорғаўды өзиниң усыныс дәрежесине бола таңлаў имканиятын береди, соның менен бирге мәмлекетлик бюджетке басымды азайтыўға хызмет етеди.
Төлемлер автомат түрде тайынланады. Жаңа системада арза тапсырыў талап етилмейди. Напақалар автомат тәризде, электрон мағлыўматлар базасы арқалы тайынланады. Бул пуқаралардың ўақыт ҳәм күш жумсаўларын сезилерли дәрежеде қысқартып, төлемлердиң өз ўақтында ҳәм әдил әмелге асырылыўын тәмийинлейди.
Жаңа системада напақалар қамсызландырыў стажына байланыслы ҳалда тайынланады. Бул болса рәсмий шуғылланатуғын халықтың санын арттырыўға, рәсмий емес мийнет базарын қысқартыўға, адамлардың мийнет ҳуқықларын қорғаўға хызмет етеди. Жеке меншик сектор ушын жеңилликлер жаратылады.
Дүнья тәжирийбеси көрсетеди, жетилистирилген социаллық қамсызландырыў системасы, мийнет базарында турақлылықты арттырады. Ҳаял-қызлардың бәнтлигин ҳәм олардың дәраматын сақлаўды тәмийинлейди. Социаллық әдилликти беккемлейди.
– Тийкарғы мақсет пуқараларды турмыста ушырасатуғын социаллық қәўиплерден, яғный кеселлик, ўақтынша мийнетке жарамсызлық, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дәўиринде қорғаў болып есапланады, – дейди Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги басқарма баслығының орынбасары Фаррух Пардаев. – Жаңа система инсан мәплерин биринши орынға қойған ҳалда, социаллық әдилликти тәмийинлеўге хызмет етеди. Ең әҳмийетлиси, напақалар енди мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў арқалы, кепилликли ҳәм турақлы түрде төленеди. Бул өзгерислер жеке секторда ислейтуғынлар ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе. Бурын жеке меншик секторда ислеп атырған көплеген пуқаралар, әсиресе, ҳаял-қызлар социаллық кепилликлерден толық пайдалана алмас еди. Жаңа система болса, жумыс орнына қарамастан, рәсмий ислеп атырған ҳәр бир пуқара ушын теңдей социаллық қорғаўды тәмийинлейди. Социаллық напақалар менен байланыслы финанслық жүк жумыс бериўшилердиң мойнынан алып тасланады. Бул исбилерменлерге жумыс орынларын жаратыў, мийнет ҳақыларды арттырыў ҳәм бизнести кеңейтиў ушын қосымша имканият береди.
Соның менен бирге, жумысқа қабыл етиўде социаллық факторлар себепли шеклеўлер азаяды. Напақалар қамсызландырыў стажына байланыслы ҳалда тайынланыўы рәсмий жумыс ислеўге қызығыўшылықты арттырады. Пуқара қанша узақ мүддет рәсмий мийнет етсе, оның социаллық қорғалыўы сонша беккем болады. Бул рәсмий емес бәнтликти қысқартыўда әҳмийетли фактор болып есапланады. Жаңа социаллық қамсызландырыў системасы толық санластырылған. Пуқаралардан артықша ҳүжжет ямаса мүрәжат талап етилмейди, напақалар электрон мағлыўматлар тийкарында автомат түрде тайынланады. Бул ашық-айдынлықты арттырады, инсан факторын азайтады ҳәм коррупция қәўпин минималластырады.
Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў тек ғана напақа емес, бул инсан қәдири, исеним ҳәм ертеңги күнге исеним менен қараў дегени.
Шаҳноза Маматуропова,
ӨзА