“Бес баслама олимпиадасы” қатнасыўшыларының жетискенликлери есап-санақ етилди

19

Бизге белгили, Президентимиздиң 2022-жыл 11-апрельдеги “Мәҳәллелерде жасларды ғалабалық спортқа тартыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып жаслар арасында “Бес баслама олимпиадасы” жарыслары жолға қойылған.

“Бес баслама олимпиадасы”ның быйылғы мәўсиминде биринши мәрте мәҳәллелердеги 30 жастан жоқары болған халықтың арасында спорттың мини футбол, волейбол, стритбол, стол тенниси, воркаут, шахмат ҳәм шашка түрлери бойынша 3 басқышлы жарыслар да шөлкемлестирилди.

Аймақларда жаслардың потенциалын жүзеге шығарып киятырған “Бес баслама олимпиадасы” жыл даўамында қызғын даўам етти. Жыллық аймақлық нәтийжелер болса буны айқын дәлиллейди.

Жылдың ақырына шекем “Заковат”, “Шебер пианиношы”, “Жас китапқумар шаңарақ” ҳәм “Кәсиплер таңлаўы” сыяқлы үлкен таңлаўлардың республикалық басқышлары өткерилди ҳәм жаңа қаҳарманлар табылды.

Жаслар ислери агентлиги қайсы аймақ жаслары неше медальды қолға киргизгенин жәриялады.

Гулноза Бобоева, ӨзА