Айрықша жағдайлардың алдын алыўда заманагөй технологиялар енгизиледи

Бизге белгили, 2025-жыл 26-декабрь күни мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына гезектеги Мүрәжат усынылды. Бул Мүрәжат мәмлекетимиз раўажланыўының жаңа басқышын белгилеп берген, стратегиялық әҳмийетке ийе тийкарғы программалық ҳүжжет сыпатында кең жәмийетшиликтиң итибарында болды. Онда мәмлекетти және де турақлы ҳәм избе-из раўажландырыўға қаратылған тийкарғы ўазыйпалар, анық мақсет ҳәм бағдарлар белгилеп берилди.
Мүрәжатта Президентимиз тәрепинен мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларына айрықша тоқтап өтилди. Экономиканы турақлы раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын арттырыў мәселелерине кең итибар қаратылды. Соның менен бирге, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, илим, санластырыў ҳәм экологиялық турақлылық сыяқлы социаллық әҳмийетке ийе бағдарлардағы бар машқалалар талланып, олардың анық шешимлери белгилеп берилди.
Әсиресе, Мүрәжатта социаллық әдилликти тәмийинлеў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў ҳәм инсан мәплерин ең тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеўге айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетлик сиясаттың орайында инсан, оның ҳуқықлары менен еркинликлери, қәўипсизлик ҳәм абадан турмысының турақлы болыўы және бир мәрте қатаң атап өтилди. Бул болса мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар халықшыл, ашық-айдын ҳәм нәтийжеге қаратылғанын және бир мәрте тастыйықлады.
Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги Академиясының баслығы, юридикалық илимлер докторы, профессор, полковник Музаффаржон Мамасиддиқов ӨзАның хабаршысы менен сәўбетте усы Мүрәжат бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.
– Бул Мүрәжат Жаңа Өзбекстанды қурыў ҳәм оны избе-из раўажландырыў жолында стратегиялық әҳмийеттеги программалық ҳүжжет болып есапланады. Әсиресе, онда илимди раўажландырыў, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды турмысқа енгизиў, сондай-ақ, мәмлекеттиң интеллектуаллық потенциалын арттырыў мәселелери тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп берилгени айрықша әҳмийетке ийе болады.
Заманагөй қәўип-қәтерлер ҳәм глобаллық климат өзгерислери шараятында айрықша жағдайлар тараўында жоқары билимге, терең таллаў қәбилетине ийе қәнигелерди таярлаў үлкен әҳмийетке ийе. Усы мәнисте, Мүрәжатта белгилеп берилген ўазыйпалар жоқары әскерий билимлендириў мәкемелериниң алдына да жаңа, жуўапкершиликли ўазыйпаларды қояды.
Бул Мүрәжат жоқары билимлендириў мәкемелери, атап айтқанда, Айрықша жағдайлар министрлиги Академиясының жумысы ушын да әҳмийетли стратегиялық бағдарларды белгилеп берди. Барлық бағдарларда, соның ишинде, айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў бағдарында да илимий-изертлеў жумысларының сапасын арттырыў, заманагөй технологияларды енгизиў және оларды миллий шараятқа бейимлестириў әҳмийетли ўазыйпа етип белгиленди. Бул болса илимий қолланбаларды тек теориялық дәрежеде емес, ал әмелий нәтийжелерге бағдарлаў зәрүрлигин келтирип шығарады. Соның менен бирге, инновациялық техника ҳәм алдынғы қәўипсизлик системаларын ислеп шығыў, оларды әмелиятқа енгизиў арқалы айрықша жағдайлар уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм заманагөй илимий-техникалық шешимлерди жаратыў имканияты кеңейеди.
Жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери арасындағы өз-ара бирге ислесиўди және де беккемлеў, олардың жумысын өз-ара байланыслы ҳалда раўажландырыў бүгинги күнде әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады. Әсиресе, жас қәнигелерди заманагөй билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе болған, еркин пикирлей алатуғын, бәсекиге шыдамлы кадрлар етип таярлаўда бундай бирге ислесиўдиң әҳмийети үлкен. Жас кадрлардың илимий излениўлерге кеңнен тартылыўы, олардың изертлеў алып барыў қәбилетин раўажландырыў ҳәм илимий потенциалын арттырыў усы процесстиң әҳмийетли ҳәм үзликсиз структуралық бөлеги болып есапланады. Жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий-изертлеў орайлары арасында қоспа жойбарларды әмелге асырыў, илимий конференциялар, семинар ҳәм тәжирийбе алмасыўларды жолға қойыў арқалы жас илимпазларды қоллап-қуўатлаў имканиятлары және де кеңейеди. Нәтийжеде, билимлендириў, илим ҳәм әмелият арасында беккем байланыс қәлиплесип, мәмлекеттиң илимий-интеллектуаллық потенциалын арттырыўға хызмет ететуғын нәтийжели система жаратылады.
Мүрәжатта илимий кадрларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды хошаметлеў, кәсиплик билим ҳәм маманлығын турақлы түрде арттырып барыў, сондай-ақ, илимий жумысқа заманагөй изертлеў методлары ҳәм инновациялық қатнасларды енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бундай тийкарғы ўазыйпалардың белгилениўи Айрықша жағдайлар министрлиги Академиясында илимий орталықты түп-тийкарынан жақсылаў, изертлеўлердиң сапасын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.
Әсиресе, илимий потенциалға ийе профессор-оқытыўшылар ҳәм жас изертлеўшилер ушын кең имканиятлар жаратылыўы, олардың басламасы ҳәм илимий идеяларын қоллап-қуўатлаў илимий мектеплерди раўажландырыўға беккем тийкар жаратады. Нәтийжеде айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў тараўында жүзеге келип атырған машқалаларды терең таллаў, қәўип-қәтерлерди алдыннан прогнозлаў ҳәм оларға илимий-техникалық тийкарланған оператив шешимлер ислеп шығыў имканиятлары және де кеңейеди. Бул болса, өз гезегинде, айрықша жағдайлардың алдын алыўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекет мәплерин қорғаўда илимий қатнастың ролин және де арттырыўға хызмет етеди.
Жуўмақлап айтқанда, Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжаты Айрықша жағдайлар министрлиги Академиясының алдына илим ҳәм инновацияларды раўажландырыў, илимий изертлеўлерди әмелият пенен үзликсиз байланыстырыў бағдарында анық, пуқта ойланған ҳәм жоқары жуўапкершиликти талап ететуғын ўазыйпаларды қояды. Бул ўазыйпалар Академияның жумысын заман талаплары тийкарында жетилистириў, илимий потенциалды буннан былай да арттырыў және заманагөй билим ҳәм технологияларға сүйенген қәнигелер таярлаўға хызмет етеди.
Белгиленген тийкарғы бағдарлардың избе-из ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўы елимизде айрықша жағдайларды алдыннан илимий прогнозлаў, олардың алдын алыў, жүзеге келген жағдайларда болса жедел ҳәм нәтийжели сапластырыў системасын жаңа басқышқа алып шығады. Соның менен бирге, халықтың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаў, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүлкин ҳәр қыйлы апатшылықлардан сақлаў, стратегиялық обектлердиң қәўипсизлигин күшейтиўде илимий тийкарланған қатнаслар және де беккемленеди.
Усы тәризде, Айрықша жағдайлар министрлиги Академиясы Жаңа Өзбекстанды илимге сүйенген, бәсекиге шыдамлы ҳәм инновациялық мәмлекет сыпатында қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейтуғын таяныш жоқары билимлендириў мәкемесине айланып барады. Академияда алып барылып атырған илимий изертлеўлер, инновациялық қолланбалар ҳәм алдынғы тәжирийбелер тек ғана тараўдың раўажланыўына емес, ал мәмлекеттиң қәўипсизлигин тәмийинлеўге де салмақлы үлес қосады.
Гулноза Бобоева жазып алды. ӨзА