Жасалма интеллекттиң билимлендириў системасында қолланылыўы ҳәм нәтийжелиликти арттырыў перспективалары

38

Мүнәсибет

2025-жыл 26-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Олий Мажлис ҳәм халқымызға жоллаған мүрәжат мәмлекет раўажланыўының жаңа басқышын белгилеп беретуғын тийкарғы сиясий ҳәм социаллық ҳүжжет сыпатында айрықша әҳмийетке ийе болды. Бул мүрәжат өткен дәўирдиң нәтийжелерине жуўмақ шығарыў менен бирге, келеси жыл ҳәм узақ перспектива ушын анық тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп берди.

Президент Мүрәжатында билимлендириў системасы жәмийетлик ҳәм экономикалық раўажланыўдың шешиўши факторы сыпатында тән алынды. Билимлендириўдиң сапасы тиккелей инсан капиталының раўажланыўы, мийнет базарының талапларына сәйкес кадрлар таярлаў ҳәм инновациялық экономика қурыўға байланыслы екени атап өтилди. Бундай көзқарас билимлендириўди тек билим бериў қуралы емес, ал стратегиялық раўажланыўдың ресурсы сыпатында көриў зәрүрлигин аңлатады. Мүрәжатта улыўма орта, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў системаларын модернизациялаў, муғаллимлердиң кәсиплик абырайын арттырыў, билимлендириў процесине санлы технологияларды кеңнен енгизиў мәселелери тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди. Бул болса билимлендириў тараўында сапа ҳәм нәтийжелиликти арттырыўға қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Мүрәжатта жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар мәселелерине айрықша итибар қаратылыўы заманагөй глобаллық тенденцияларға сәйкес келеди. Президент жасалма интеллектти экономика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм мәмлекетлик басқарыў тараўларында кеңнен енгизиў зәрүрлигин атап өтти. Бул болса Өзбекстанның санлы трансформация процесинде белсене қатнасыў тилегин көрсетеди. Билимлендириў тараўында жасалма интеллекттен пайдаланыў индивидуал оқытыў, билимлерди баҳалаў, билимлендириўдиң сапасын мониторинг етиў имканиятларын кеңейтеди. Соның менен бирге, Президент тәрепинен жасларды жасалма интеллект, программаластырыў ҳәм санлы саўатлылыққа үйретиў келешектеги бәсекиге шыдамлылықты тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти сыпатында атап өтилди. Мүрәжаттағы бул идеялар соны көрсетеди, жасалма интеллект тек ғана технологиялық қурал емес, ал социаллық-экономикалық раўажланыўдың стратегиялық факторы сыпатында қаралмақта. Мүрәжатта, сондай-ақ, социаллық қорғаў, денсаўлықты сақлаў ҳәм халықтың турмыс дәрежеси мәселелери де шетте қалмады. Медицинада санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллекттен пайдаланыў арқалы хызметлердиң сапасын арттырыў, халыққа қолайлы ҳәм оператив хызмет көрсетиў имканиятлары кеңейтилетуғыны атап өтилди. Бул болса саламат жәмийет қурыў жолындағы әҳмийетли фактор болып есапланады. Сыртқы сиясатқа байланыслы пикирлерде болса Өзбекстанның ашық, прагматикалық ҳәм бирге ислесиўге тийкарланған сиясаты даўам еттирилетуғыны атап өтилди. Билимлендириў, илим ҳәм жасалма интеллект тараўларында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, алдынғы тәжирийбелерди енгизиў мәмлекеттиң глобаллық бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди. 2025-жыл 26-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен жолланған мүрәжатта алға қойылған пикирлерден келип шығып соны айтыў керек, жасалма интеллект ҳәм санлы технологияларды ҳәр қыйлы тараўларға, соның ишинде, спорт системасына енгизиў мәселелери заманагөй раўажланыўдың әҳмийетли бағдары сыпатында тән алынды. Спорт тараўында жасалма интеллекттен пайдаланыў тек ғана нәтийжелиликти арттырыў емес, ал саламат әўладты тәрбиялаў, ғалабалық спортты раўажландырыў ҳәм профессионал спортшыларды таярлаў системасын модернизациялаўға хызмет етеди.

Бәринен бурын, жасалма интеллект спортшыларды таярлаў процесинде индивидуал қатнасты тәмийинлеў имканиятын береди. ЖИ тийкарындағы таллаў системалары спортшылардың физикалық көрсеткишлери, шынығыў жүклемелери, тиклениў процеси ҳәм жарыс нәтийжелерин турақлы мониторинг етиў арқалы ҳәр бир спортшы ушын жеке таярлық бағдарламаларын ислеп шығыўға хызмет етеди. Бул болса жарақатлар қәўпин азайтып, спорт нәтийжелериниң турақлы өсиўин тәмийинлейди.

Президент Мүрәжатында алға қойылған инсан капиталын раўажландырыў идеясы спорт тараўында жасалма интеллекттен пайдаланыў арқалы әмелий мазмунға ийе болады. ЖИ жәрдеминде жас спортшыларды ерте анықлаў, олардың қәбилетлерин болжаў ҳәм мақсетли таярлаў механизмлери жаратылады. Бул болса спорт резервин қәлиплестириўде илимий тийкарланған қатнасты күшейтеди.

Сондай-ақ, жасалма интеллект спорт медицинасында да үлкен әҳмийетке ийе. ЖИ тийкарындағы диагностика ҳәм таллаў системалары спортшылардың денсаўлығын қадағалаў, жарақатлардың алдын алыў ҳәм реабилитация процесслерин нәтийжели шөлкемлестириў имканиятын береди. Бул Президент Мүрәжатында атап өтилген саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў идеялары менен үзликсиз байланыслы болып есапланады. Спорт басқарыўы ҳәм инфраструктурасында да жасалма интеллекттен пайдаланыў имканиятлары кең. Жарысларды шөлкемлестириў, спорт имаратларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, спорт мектеплери ҳәм клубларының жумысын таллаўда ЖИ тийкарындағы системалар басқарыў қарарларының сапасын арттырады. Бул болса мәмлекетлик спорт сиясатында ашық-айдынлық ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлеўге хызмет етеди.

Ғалабалық спортты раўажландырыў көзқарасынан, жасалма интеллект халықтың физикалық белсендилигин арттырыўға хызмет ететуғын санлы платформалар ҳәм мобиль қосымшалар арқалы саламат турмыс тәризин ғалаба ен жайдырыў имканиятын береди. ЖИ тийкарында ислеп шығылған усыныслар пуқаралардың жасына, денсаўлығына ҳәм физикалық таярлығына сәйкес шынығыўларды таңлаўға жәрдем береди.

Президент Мүрәжатында билимлендириў ҳәм санлы компетенцияларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылғанын есапқа алсақ, спорт тараўында жасалма интеллект пенен ислей алатуғын қәнигелерди таярлаў мәселеси де айрықша әҳмийетке ийе. Тренерлер, спорт шыпакерлери ҳәм басқарыўшылардың санлы саўатлылығын арттырыў спорт системасының бәсекиге шыдамлылығын күшейтеди. Президент Мүрәжатында алға қойылған жасалма интеллектке байланыслы идеялар спорт тараўында инновациялық раўажланыў, саламат әўладты тәрбиялаў ҳәм жоқары спорт нәтийжелерине ерисиўдиң әҳмийетли факторына айланбақта. Жасалма интеллектти спорт системасына ақылға уғрас ҳәм илимий тийкарда енгизиў Өзбекстан спортының халықаралық майдандағы бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет етеди.

Жуўмақлап айтқанда, 2025-жыл 26-декабрь Президент Мүрәжаты мәмлекетлик басқарыў, экономика, социаллық тараў, билимлендириў ҳәм жасалма интеллект бағдарларын өз-ара үзликсиз байланыслы ҳалда көрип шыққан комплексли ҳүжжет болып есапланады. Бул мүрәжат жәмийетти және де раўажландырыўға қаратылған анық жол картасы болып, оның табысы билимлендириўдиң сапасын арттырыў, санлы ҳәм жасалма интеллект технологияларын ақылға уғрас енгизиў және барлық дәрежедеги орынлаў тәртиби ҳәм пуқаралардың белсене қатнасыўына тиккелей байланыслы.

Нодир Ғаффоров, Шухрат Арслонов, ӨзМДТСУдың профессорлары