Трамп Путинниң резиденциясына дрон ҳүжим еткенине исенбеди

АҚШ Президенти Дональд Трамп бир ҳәпте алдын ўақыядан жүдә ашыўланғанына, бундай ҳәрекетти қабыл етип болмайтуғынын айтқанына қарамастан, декабрь айының ақырында Украина дронлары Россия басшысы Владимир Путинниң резиденциясына ҳүжим еткенине гүманланды.
– Бул ҳүжим ҳақыйқатында да әмелге асырылғанына исенбеймен, – деген ол журналистлерге. – Жақында бир нәрсе болды, бирақ бул ўақыяға қатнасы жоқ…
РФ сыртқы ислер министри Сергей Лавров алдынырақ Киев режими 29-декабрь күни түнде 91 дрон жәрдеминде Путинниң Новгород ўәлаятындағы резиденциясына терроршылық ҳүжими шөлкемлестирилгенин айтқан еди. Барлық ушыўшысыз самолётлар ҳаўа қорғаныў күшлери тәрепинен жоқ етилгени атап өтилип, қурбанлар ҳаққында мағлыўмат берилмеген.
– Киев режиминиң Президент резиденциясына ҳүжиминен соң АҚШ қатнасыўындағы сөйлесиўди тоқтатыў нийетинде емеспиз, – деген Россия сыртқы сиясат уйымының басшысы. – Тек позициямыз қайта көрип шығылады.
С.Раҳимов, ӨзА