Өзбекстан 0,072 балл менен дүньядағы ең қәўипсиз мәмлекетлердиң қатарына кирди

19

Өзбекстанда инсан ҳуқықларын қорғаў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған системалы реформалар халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги унамлы нәтийжелер арқалы өз тастыйығын таппақта. Өзбекстан Республикасы Криминология изертлеў институты берген мағлыўматқа тийкарлансақ, 2025-жылдың жуўмақларына бола, мәмлекетимиз бир қатар абырайлы халықаралық көрсеткишлерде өз орнын беккемлеп, айырым рейтинглерде тарийхый ең жоқары нәтийжелерге ерискен.

Ишки ислер уйымлары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының инсан ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў, жынаятлардың ерте алдын алыў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған избе-из жумысы болса мәмлекеттиң халықаралық абырайының артыўына хызмет етпекте.

Оған бола, 2025-жылы Өзбекстан АҚШтың Вашингтон қаласында жайласқан World Justice Project шөлкеми тәрепинен қәлиплестирилетуғын “Ҳуқық үстинлиги индекси”нде 143 мәмлекет арасында 81-орынды ийелеп, өткен жылға салыстырғанда еки текше жоқарылаған. Итибарлы тәрепи, бул индекс бойынша дүнья мәмлекетлериниң 68 процентинде төменлеў бақланған бир ўақытта, Өзбекстан өз нәтийжесин жақсылаўға ерискен.

Айыпланыўшылардың ҳуқықлары ҳәм тийисли ҳуқықый тәртип көрсеткиши бойынша Өзбекстан 92-орынға көтерилген. Дүзетиў системасының жынаятшылықты азайтыўдағы нәтийжелилиги индикаторында болса мәмлекетимиз 20-орынды ийелеп, еки текшеге өскен.  Сондай-ақ, жынаятшылықтың жоқлығы ҳәм әдил судлаў системасының қалыслығы бойынша да рейтингтеги орынлар жақсыланған.

Буннан тысқары, Халықаралық экономика ҳәм тынышлық институты (Institute for Economics & Peace) тәрепинен таярланатуғын “Қәўипсизликти сезиў индекси”нде Өзбекстан 0,072 балл менен биринши орынды ийелеп, дүньядағы ең қәўипсиз мәмлекетлер қатарына кирген.

Соның менен бирге, 2025-жылғы “Глобаллық инновация индекси” нәтийжелерине бола, Өзбекстан 139 мәмлекет арасында 79-орынды бәнт етип, мәмлекет тарийхында биринши мәрте топ-80 ге кирген.

Бул өткен жылға салыстырғанда төрт текшеге жоқарылаўды аңлатады.

Дәрамат топары бойынша Өзбекстан 7-орынды, Орайлық ҳәм Қубла Азия регионында болса 3-орынды ийелеген.

Бул көрсеткишлер Орайлық ҳәм Қубла Азия регионында Өзбекстан Ҳиндстан ҳәм Ираннан кейин үшинши орында екенин көрсетип, Қазақстан, Россия ҳәм Түркия сыяқлы мәмлекетлерден жоқары нәтийже екенин тастыйықлайды.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз төрт жылдан берли “Innovation overperformer” – яғный экономикалық имканиятларына салыстырғанда жоқары инновациялық нәтийжелиликке ийе мәмлекет статусын сақлап келмекте. Буннан тысқары, Өзбекстан 2025-жылы World Happiness Report рейтингинде 47-орынды, ЖДСШның жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша есабатында 60-орынды, Women, Business and Law индикаторында 90-орынды ҳәм Глобаллық киберқәўипсизлик индексинде Т-2 дәрежесин бәнт етип, өткен жылға салыстырғанда және де жоқары көрсеткишлерге ерискен.

Атап өтиў орынлы, жоқарыдағы нәтийжелер Өзбекстанда шахстың, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң мәплерин қорғаў, суд-ҳуқық системасын жетилистириў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўге қаратылған реформалардың нәтийжесиниң айқын көриниси болып есапланады. Бул процессте Криминология изертлеў институтының аналитикалық қатнасы, илимий тийкарланған усыныслары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликтеги нәтийжели жумысы халықаралық исенимди беккемлеўде әҳмийетли орын ийелеп атырғанын көриў мүмкин.

М.Эшмирзаева, ӨзА