Мадуроны қорғаған 32 кубалы пуқара қайтыс болғаны мәлим етилди

22

Венесуэла Президенти Николас Мадуроны қолға алыў әмелияты даўамында 32 кубалы жаўынгер хызметкер әскерий ҳәрекет ямаса ҳаўа ҳүжими нәтийжесинде қайтыс болды. Бул ҳаққында “Гранма” газетасында басып шығарылған Куба ҳүкиметиниң билдириўинде айтылған.

– Қурама Штатлар ҳүкимети тәрепинен 2026-жыл 3-январь күни ерте таңда туўысқан Венесуэла Боливар Республикасына қарсы әмелге асырылған жынайый ҳүжим нәтийжесинде Қубла Америка мәмлекетиниң тийисли уйымларының сораўы бойынша Революциялық қураллы күшлер ҳәм Ишки ислер министрлиги атынан миссияны орынлаў ўақтында 32 кубалы қайтыс болды, – делинеди хабарда.

Ҳүкимет марҳумлар “өз ўазыйпасын қаҳарманлық пенен орынлағаны, ҳүжимшилерге қарсы тиккелей саўашта ямаса нышана топқа тутылған ўақытта қатаң қарсылық көрсеткени”н атап өткен.

Рәсмий Гавана қурбанлардың шаңарақларына кеўил айтып, “оларды ҳүрмет пенен жерлеў ушын тийисли ҳәрекет” шөлкемлестирилиўине ўәде берди. Президент Мигель Диас-Канель Кубада еки күнлик миллий аза тутылатуғынын жәриялады.

С.Раҳимов, ӨзА