Дизимге алыў – мәмлекет раўажланыўы ушын әҳмийетли қәдем

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-сентябрьдеги ПП-173-санлы Пәрманына муўапық халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўға таярлық жумыслары басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.
Усы мүнәсибет пенен елимиздиң басқа аймақларында болғаны сыяқлы, Қараөзек районында да мәҳәлле жетилиги хызметкерлериниң қатнасыўында әмелий семинар өткерилди.
Илаж даўамында қәнигелер тәрепинен дизимге алыў басқышлары, сораўнамалар менен ислесиў тәртиби ҳәм электрон система арқалы мағлыўмат киргизиў процеси бойынша толық түсиндирилип, қатнасыўшыларға респондентлер менен пикирлесиў, сораўнамаларды толтырыўда итибарлы болыў ҳәм халыққа дурыс мағлыўмат жеткериў бойынша әмелий көрсетпелер берилди.


Өткерилген илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги