Банк системасы бойынша “Өзбекстан – 2030” стратегиясында қандай мақсетлер белгиленбекте?

Мәмлекеттиң 2030-жылға шекем мөлшерленген раўажланыўының тийкарғы бағдарлары шеңберинде реформаларды избе-из даўам еттириў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыўдың қосымша илажлары ҳаққындағы Стратегия жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына жәрияланды.
Стратегия жойбарында банк системасында төмендеги мақсетлерге ерисиў нәзерде тутылған.
“Өзбекстан-2030” стратегиясы мәмлекеттиң банк-финанс системасын түп-тийкарынан жаңалаўды нәзерде тутады. Ҳүжжетте банклердиң экономикадағы роли, олардың нәтийжелилиги ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға қаратылған бир қатар анық мақсетлер белгиленген.

Мәмлекетлик банклердиң саны қысқарады. 2030-жылға барып мәмлекет ықтыярында 4 банкти сақлап қалыў нәзерде тутылмақта. Онда ҳәр жылы биреўден мәмлекетлик банкти меншиклестириў режелестирилмекте.
Банк ҳәм финанс системасында жыллық кредитлеў көлемин 720 триллион сумға жеткериў мөлшерленбекте. Онда жыллық кредитлеў көлемин 11-12 проценттен көбейтип барыў белгиленбекте.
Коммерциялық банклердиң депозитлериниң қалдығын жыллық 7-8 процент дәрежесинде арттырып барыў нәтийжесинде 2030-жылға барып 560 триллион сумға жеткериў режелестирилмекте.
Мәмлекетлик банклер активлериниң жәми банк системасы активлериндеги үлесин 55 процентке шекем азайтыў мөлшерленбекте.
Өзбекстанда ислам финансының ҳуқықый тийкарларын жаратыў ҳәм кеминде 3 коммерциялық банкте ислам финанс хызметин жолға қойыў режелестирилмекте.
Стратегияға муўапық, банк системасында мәмлекеттиң қатнасыўын басқышпа-басқыш азайтыў режелестирилген. Атап айтқанда, әмелде жумыс алып барып атырған мәмлекетлик банклерден тек ғана 4 еўин мәмлекет ықтыярында сақлап қалыў нәзерде тутылмақта.
Қалған мәмлекетлик үлеске ийе банклер меншиклестириледи ямаса стратегиялық инвесторлардың қатнасыўында қайта шөлкемлестириледи. Бул процесс банк хызметлери базарында бәсекини күшейтиў, басқарыўдың сапасын арттырыў ҳәм финанслық ресурсларды нәтийжели бөлистириўге хызмет етеди.
Мәмлекетлик үлес 55 процентке шекем түсириледи. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетлик банклердиң активлери улыўма банк системасы активлериниң шама менен 65 процентин қурамақта. “Өзбекстан-2030” стратегиясы шеңберинде бул көрсеткишти 55 процентке шекем азайтыў режелестирилген.
Стратегияда биринши мәрте ислам финансын енгизиў айрықша мақсет сыпатында белгиленди. Оған бола, ислам қаржы хызметлериниң ҳуқықый тийкарлары жаратылады. Кеминде 3 коммерциялық банкте ислам финанс өнимлери жолға қойылады. 2027-жылы Өзбекстанда биринши ислам банки ашылыўы күтилмекте.
Бул бағдар халықтың процентсиз қаржыландырыўға қызығыўшылығын есапқа алған ҳалда, Жақын Шығыс ҳәм Қубла-Шығыс Азия мәмлекетлери менен финанслық бирге ислесиўди кеңейтиў имканиятын береди.
Депозит ҳәм кредит көлемлери кескин артады. “Өзбекстан-2030” стратегиясы банк ресурс базасын кеңейтиўди де мақсет еткен. Соның ишинде, банклерде депозитлердиң қалдығы 400 трлн. сумнан 560 трлн. сумға шекем жеткериледи. Жыллық кредитлеў көлеми болса 720 трлн. сумға шекем арттырылады.
Бул көрсеткишлер экономиканы қаржыландырыў имканиятларын кеңейтиў, исбилерменлик ҳәм инвестициялық белсендиликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған.
Ш.Маматуропова, ӨзА