Брайль әлипбеси – инклюзив жәмийеттиң раўажланыўында әҳмийетли ашылыў

19

Ҳәзирги ўақытта жәмийетте мәлимлемеден еркин пайдаланыў инсанның тийкарғы ҳуқықларынан бири болып есапланады. Бирақ көриў қәбилети шекленген шахслар ушын бул ҳуқықты тәмийинлеў барқулла аңсат емес. Мине, усы зәрүрликтен келип шығып, адамзат тарийхында әҳмийетли ойлап табылыўлардан бири – “Брайль әлипбеси” жаратылған.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен ҳәр жылы 4-январь – “Жер жүзилик Брайль әлипбеси күни” сыпатында белгилениўи бул жазыў системасының тек ғана техникалық емес, ал социаллық, ҳуқықый ҳәм мәдений әҳмийетин де тән алыў болып есапланады.

Брайль әлипбеси дөңки ноқатларға тийкарланған арнаўлы әлипбе болып, көзи әззилердиң саўатлы болыўы ушын 1824-жылда француз тифлопедагогы Луи Брайль тәрепинен жаратылған. Бул әлипбе бармақлар арқалы тез ҳәм анық оқыўға имкан берди. Дәслеп, әлипбе кең түрде тән алынбаған болса да, ўақыттың өтиўи менен Брайль жазыўы пүткил дүньяда көзи әззи инсанлар ушын тийкарғы саўатлылық қуралына айланды.

Брайль әлипбе ҳәм цифрлы белгилердиң тийиў қуралы болып, барлық ҳәриплер ҳәм цифрларды, ҳәтте музыкалық, математикалық ҳәм илимий белгилерди жеткериў ушын алты ноқаттан пайдаланады. Алты ноқат шама менен алты миллиметр бийикликте, ноқат арасындағы аралық еки миллиметрге тең. Система 64 мүмкин болған комбинацияны усынады. Бир алты ноқат бир белгиге сәйкес келеди.

1837-жылы Брайль әлипбесинде “Франция тарийхы” деп аталған биринши китап басып шығарылды. 1838-жылы болса көзи әззилер ушын арифметика сабақлығы басып шығарылды. 1850-жылы Париж көзи әззи балалар институтында оқыўшылардың саўатлылық оқыў бағдарламасына Брайль системасы рәсмий түрде киргизилди.

Мәмлекетимизде биринши мәрте Брайль әлипбесинде Өзбекстан Республикасының Конституциясы рәсмий баспасы және 2020-жыл 15-октябрьде қабыл етилген “Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында”ғы нызам басып шығарылды.

Бүгинги күнде Брайль әлипбеси компьютер ҳәм смартфонлар менен үйлесип, жаңа басқышқа шықпақта. Бул болса Брайл системасының заманға бейимлесип атырғанын көрсетеди. Бир сөз бенен айтқанда, Брайль әлипбеси дүньяның көплеген тиллерине бейимлестирилген, онда дүньяның түрли мәмлекетлеринде мыңлаған китаплар басып шығарылған. Заманагөй технологиялар раўажланыўына қарамастан, Брайль әлипбеси көзи әззилер ушын саўатлылықтың тийкары болып қалмақта.

Дилдора Дўсматова,

ӨзА