Болгария евроны миллий валюта сыпатында қабыл етти

33

Болгария XIX әсир ақырынан берли айланыста болган левтен ўаз кешип, евроны өзиниң рәсмий валютасы сыпатында қабыл етти.

Атап өтилиўинше, январь айы даўамында болгар леви (BGN) евро менен теңдей айланыста болады, мәмлекет халқы банклер ҳәм почта бөлимлеринде левти евроға бийпул алмастырыўы мүмкин. Февраль айынан баслап болса евро мәмлекеттиң бирден-бир нызамлы төлем қуралына айланады.

– Евро Болгария халқы ушын төлемлерди әмелге асырыў ҳәм саяхат етиўди аңсатластырады, бизнес ушын жаңа имканиятлар жаратады, улыўма бирден-бир базарымыздың абзаллықларынан жақсырақ пайдаланыў имканиятын береди ҳәм ең тийкарғысы, бул таңлаў Болгарияның Европадағы ҳаўазын және де күшейтеди, – деди Европа комиссиясы президенти Урсула фон дер Ляйен.

Еслетип өтемиз: 2025-жыл 4-июнь күни Европа Комиссиясы Болгария евроны қабыл етиў нормаларына толық жуўап беретуғынын мәлим еткен еди.

Ө.Алимов, ӨзА