Энергияны сақлаў системалары глобаллық энергетика келешегин белгилей ме?

Энергияны сақлаў системалары жәҳән энергетикасында әҳмийетли басқышқа өтпекте. Әсиресе, қайта тиклениўши энергия дәреклери үлесиниң өсиўи, электромобиль тараўының раўажланыўы ҳәм энергетика системаларының санластырылыўы аккумулятор технологияларын электр тәмийнатында тең салмақлылықты тәмийинлеў, исенимлиликти арттырыў ҳәм энергия нәтийжелилигин күшейтиўде шешиўши факторға айланбақта. Нәтийжеде бул технологияларға турақлы ҳәм узақ мүддетли глобал талап қәлиплеспекте.
“BloombergNEF” баҳаларына бола, усы он жылдың ақырына шекем дүнья көлеминде орнатылған энергия сақлаў системаларының көлеми бир неше есеге артады. Бул өсимниң тийкарғы ҳәрекетлендириўши күши болса аккумуляторларды ири санаат көлеминде ислеп шығарыў болады. 2025-жылы энергияны сақлаў системаларының глобал орнатылған қуўатлылығы шама менен 92 ГВт (≈ 247 ГВт•саат) қа жетеди, бул 2024-жылға салыстырғанда дерлик 23 процент өсимди қурайды. 2035-жылға келип болса энергия сақлаў системалары менен үскенеленген энергосистемалардың жәми қуўатлылығы 2 тераватт (≈ 7,3 ТВт•саат) қа шекем артыўы мүмкин болып, бул 2025-жылғы көрсеткиштен шама менен 8 есеге көп.
Халықаралық энергетика агентлигиниң мағлыўматына тийкарланып энергияны сақлаў системаларын кең көлемде енгизбей турып, қуяш ҳәм самал генерациясының жедел өсиўи шараятында энергосистемалардың турақлы ислеўин тәмийинлеў мүмкин емес.
ХЭАның “Аккумуляторлар ҳәм энергетикалық өтиўдиң исенимлилигин тәмийинлеў” атамасындағы арнаўлы есабатында атап өтилиўинше, 2023-жылы энергияны сақлаў системалары энергетика тараўындағы ең тез пәтлерде раўажланып атырған технологияға айланды. Сондай-ақ, стационар аккумуляторлардан пайдаланыў әллеқашан қуяш ҳәм самал дереклерин энергия тармақларына интеграциялаўда шешиўши әҳмийетке ийе.
Солай етип, аккумулятор системалары енди жәрдемши технология сыпатында емес, ал қайта тиклениўши энергия дереклериниң үлеси артып баратырған шараятта, бейимлесиўшең ҳәм исенимли энергетика инфраструктурасының тийкарғы элементи сыпатында көзге тасланбақта.
Мәмлекетлер аккумуляторларды толық технологиялық шынжыр тийкарында ислеп шығарыў қуўатлықларын жаратыўға барған сайын жедел инвестиция киргизбекте. Бундай жойбарларға тек ғана санаат потенциалы сыпатында емес, ал энергетика ҳәм технологиялық қәўипсизликтиң әҳмийетли қурамлық бөлеги сыпатында да қаралмақта.
Бул процесстиң әмелий мысалы сыпатында “Росатом” мәмлекетлик корпорациясының Жанылғы дивизиони Калининград ўәлаятының Неман районында Россиядағы биринши литий-ион энергияны сақлаў системаларын ислеп шығарыўға қәнигелескен гигафабриканы иске қосқанын келтириў мүмкин. Кәрхананың жыллық өндирислик қуўатлылығы 4 ГВт•саатты қурайды. Ол мәмлекетте аккумулятор бөлими (ячейка) ушын зәрүр болған химиялық затлардан баслап, жуўмақлаўшы модуллер ҳәм толық батареяларды жыйнаўға шекемги барлық технологиялық процессти қамтып алған литий-ион аккумуляторлардың ең ири санаат ислеп шығарылыўына ерисилмекте. Өнимлер электр энергетикасы, электр транспорт қураллары ҳәм санаат тараўларында қолланыў ушын мөлшерленген.
Экспертлердиң баҳалаўынша, 2030-жылға келип Россияда энергияны сақлаў системалары базары 20-30 ГВт•саатқа шекем өсиўи мүмкин. Калининградтағы гигафабрика қуўатлылығы болса шама менен 1,5 миллион зарядлаў модуллери ямаса электромобильлер ушын 50 мың тартыў батареяларын ислеп шығарыўға тең. Энергетиканың келешеги ушын энергияны сақлаў системаларының әҳмийети регионаллық прогнозлар менен де тастыйықланбақта. Өзбекстанлы академик Қаҳрамон Аллаев аккумулятор системалары дүнья көлеминде ең тез пәтлерде раўажланып атырған энергетикалық технологиялар қатарына киретуғынын атап өтти.
Қуяш ҳәм самал энергетикасы өзгериўшең қәсийетке ийе. Сонлықтан, аккумулятор батареялары ҳәм гидроаккумуляция электр станцияларысыз энергосистемалардың исенимли ҳәм турақлы ислеўин тәмийинлеў мүмкин емес. Әйне энергияны сақлаў системалары өндирис көлемлериндеги тербелислерди жумсартыўға хызмет етеди ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклери кеңнен енгизилип атырған шараятта энергосистемалардың тең салмақлылығын тәмийинлеў имканиятын береди. Орайлық Азия мәмлекетлери, соның ишинде, Өзбекстан ушын энергия тутыныўының өсиўи ҳәм “жасыл” энергетика тараўындағы ири жойбарларды әмелге асырыў шараятында энергияны сақлаў системаларын раўажландырыў айрықша әҳмийетке ийе болмақта, – деди академик.
Улыўма алғанда, таллаўлар аккумулятор технологиялары тек ғана энергосистемалардың турақлылығын тәмийинлеў қуралы емес, ал экономикада жаңа жоқары технологиялы тармақларды раўажландырыўда да әҳмийетли дәрек екенин көрсетеди. Бул болса мәмлекетте алдынғы технологиялар ҳәм инновацияларды енгизиўди хошаметлеп, турақлы раўажланыў ҳәм экономикалық өсиў ушын беккем тийкар жаратады.
Насиба Зиёдулаева, ӨзА