Электрон есап-фактуралар қадағалаўы күшейди

Өзбекстанда электрон есап-фактуралар (ЭЕФ) арқалы әмелге асырылып атырған операциялар үстинен салық қадағалаўының жаңа механизми енгизилмекте.
Атап айтқанда, Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 26-декабрьде қабыл етилген 830-санлы қарары менен “Электрон есап-фактуралардың қәўип дәрежесин анықлаў ҳәм оларда көрсетилген операциялар бойынша қосымша қун салығын төлеў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.
Усы Реже электрон есап-фактураларды товарлар (хызметлер)ды жеткерип бериўдиң бирден-бир шынжыры шеңберинде таллаў, олардың қәўип дәрежесин баҳалаў ҳәм тийисли категорияларға ажыратыў тәртибин белгилейди.
Сондай-ақ, ЕФлердиң қәўип дәрежесине қарап қосымша қун салығын (ҚҚС) төлеў ҳәм есапқа алыўдың өзине тән өзгешеликлери анық белгилеп берилди.
Режеге муўапық, электрон есап-фактураларды баҳалаў арнаўлы мәлимлеме системасы арқалы автомат түрде әмелге асырылады. Бул система арқалы жоқары қәўип дәрежесине ийе деп табылған ЭЕФлердиӊ үлеси есабат дәўиринде ҚҚС төлеўшиси тәрепинен рәсмийлестирилген жәми ЭЕФлер санының 10 процентинен артпаўы керек.
ЭЕФлердиң қәўип дәрежесин анықлаў өлшемлери Өзбекстан Республикасы Салық комитети тәрепинен белгиленеди. Усы критериялар тийкарында электрон есап-фактуралар төмендеги еки категорияға ажыратылады – қәўиплилик дәрежеси төмен болған ЭЕФлер, қәўиплилик дәрежеси жоқары болған ЭЕФлер.
Мәлимлеме системасында ҳәр бир норма бойынша белгиленген баллар жыйындысы тийкарында ЭЕФлердиң улыўма қәўип дәрежеси есапланады ҳәм соған бола классификацияланады. Салық комитети болса қәўип дәрежесин есапқа алған ҳалда электрон есап-фактуралардың орайласқан электрон реестрин жүргизеди.
Бул тәртип салық ҳәкимшилигин жетилистириў, ҚҚС бойынша қәўипли операцияларды ерте анықлаў ҳәм тараўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеўге қаратылған болып, бизнес субъектлери ушын да анық ҳәм системалы қағыйдаларды белгилеп береди.
Ш.Маматуропова, ӨзА