Агротехникалық илажлардың әҳмийетли мапазы басланды

32

Ҳәзирги ўақыт аўыл хожалығында 2026-жылдың өними ушын егилген ғәллениң зүрәәтли болыўы ушын оны тәрбиялаў жумысларының әҳмийетли мапазы болып есапланады.

Қанлыкөл районындағы Арзымбетқум аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Бесқала-2” фермер хожалығының ғәлле майданларында ғәлле жетистириўде зүрәәтлиликти арттырыў мәселелерине бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Онда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша секретариатының баслығы Ф.Нурмухаммедов, “Дән ҳәм салы” илимий-өндирислик бирлеспесиниң директоры Д.Утамбетов, “Өзагролизинг” акционерлик жәмийети Қарақалпақстан Республикасы филиалының директоры М.Джуманиязов, Қанлыкөл районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Б.Төрешов, кластер ўәкиллери, аўыл хожалығы тараўы бойынша мәкеме, шөлкем ҳәм фермер хожалықларының басшылары қатнасты.

Семинар даўамында агротехникалық илажлардың белгиленген тәртипте орынланыўы, ғәлле жетистириўдиң нәтийжелилигин және де арттырыў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, ғәллени минерал ҳәм органикалық төгинлер менен азықландырыў ҳәм келешекте әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпалар бойынша анық илажлар белгилеп алынды.

Семинар даўамында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Бул бағдардағы семинарлар басқа да районларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги