Қәнигелерге заманагөй компьютерлер тапсырылды

Тахтакөпир районлық “Инсан” социаллық хызметлер орайы тәрепинен халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, пуқаралар жыйынлары аймақларында комплекс социаллық хызметлер көрсетиўши қәнигелердиң жумысы ушын зәрүр шараятларды жаратыў жолында әмелий жумыслар даўам етпекте.
Хызмет көрсетиў процесслерин санластырыў, жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қәнигелерди заманагөй техника қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде, Тахтакөпир район ҳәкимлиги тәрепинен аймақлардағы комплексли социаллық хызмет көрсетиўши хызметкерлерге заманагөй компьютерлер тапсырылды.



-Бул жаңа техникалар ҳүжжетлер менен ислесиўди жедел ҳәм сапалы әмелге асырыў, халықтың мүрәжатларын өз ўақтында көрип шығыў, социаллық хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм ҳәрбир мүтәж шаңараққа мәнзилли жәрдем көрсетиўге хызмет етеди, -дейди Тахтакөпир районлық “Инсан” социаллық хызметлер орайы директоры Қуўатбай Дәрибаев.
Қарақалпақстан хабар агентлиги