Жыллар жазар жылнамаға елдиң дәўлетин

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев пенен ушырасыўдан соңғы ойлар
Публицистика
Мине, және бир жыл өз жуўмағына жетип, елимизге жаңа жыл кирип келиўине санаўлы саатлар қалмақта. Ҳәр бир жылдың жуўмағы жаңа табыслар, жаңаланыўлар, раўажланыўлар менен жуўмақланып киятырған елимизде тынышлық, тоқшылық, молшылық ҳәм көпмиллетли халқымыздың аўызбиршилиги менен быйылғы жылға да мол табыслар менен жуўмақ жасалып, жаңа жылға жаңа қәдем таслаў алдында турмыз. Биз ҳәр жылы жаңа жыл алдынан көплеген жаңалықларды күтемиз. Быйыл да жаңа жыл алдынан қырманды бәленттен шашаўлаған дийқан-фермерлеримиз зүрәәт байрамын көтериңки руўхта өткерип, көплеген жаңа имаратлар пайдаланыўға тапсырылып, жаңа жыл кейпияты ҳәр бир орында жақсы жаңалықлары менен кеўиллерге үлкен қуўаныш бағышламақта.
Әсиресе, жылға жуўмақ жасалаўға санаўлы күнлер қалғанда Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға қаратып атырған дыққат-итибары нәтийжесинде қарақалпақ халқының қобыз соғыў ҳәм атқарыўшылық өнери менен миллий Қараүйи Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында болып өткен ЮНЕСКО ның материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў Ҳүкиметлераралық комитетиниң гезектеги ХХ сессиясында жедел қорғаўға алыныўы лазым болған материаллық емес мәдений мийрасы элементлериниң дизимине киргизиў ҳаққындағы қарары бир даўыстан қабыл етилиўи пүткил халқымыз ушын үлкен жетискенлик болды.
Сондай-ақ, қушағы тәбийий байлықларға толы болған Мойнақ елатынан және бир газ кәниниң “көзи ашылғанлығы”ҳаққындағы хош хабар да халқымыз ушын үлкен әҳмийетли жаңалық болды. Атап айтқанда Мойнақ районы Үшсай көли аймағында жайласқан 2-санлы излеў қудығынан “Өзбекнефтгаз” АЖ тәрепинен бурғылаў жумысларының алып барылыўы нәтийжесинде 5 км тереңликтен газ шығарылып, жаңа кәнниң ашылыўы өтип баратырған жылда халқымыз турмысында әҳмийетли күн болып қалары сөзсиз.
Жақында ғана Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың зиялылар қәўими менен ушырасыўда республикамызда усы күнге шекем әмелге асырылған жумыслар, үлкен дөретиўшилик ислерди баянат арқалы тыңлап, видеороликтен көре отырып, ҳүрметли Президентимиздиң итибары менен республикамызда бурын милси көрилмеген табысларға ерисилип, ҳәр бир тараўда үлкен дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылып атырғанлығынан усы журттың бир перзенти екенлигимнен көкирегимде мақтаныш сезимлери уялады.
Илажда атап өтилиўинше, Ҳүрметли Президентимиздиң тек ғана Қарақалпақстан ушын айрықша итибары нәтийжесинде 2017-жылдан берли 78 Пәрман ҳәм Қарарлары қабыл етилген болса, ҳәзирги ўақытта 38 ҳүжжеттиң орынланыўы даўам етпекте. Қабыл етилген тарийхый ҳүжжетлер тийкарында: халқымызға, соның ишинде жасларымызға бир қатар қолайлы шараятлардың жаратылып, исбилерменлеримизге бурын болмаған кѳплеген жеңиллик ҳәм имканиятлар берилиўи менен бирге халықтың аўыры жеңил, узағы жақын болып, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға унамлы шешим табылып, нураныйлар, ҳаял-қызлар, әсиресе, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар жақыннан қоллап-қуўатланбақта.
Президентимиз тәрепинен ҳар қандай қарар, пәрман қабыл етилсе де Қарақалпақстанға айрықша итибар қаратылып, регионымыз халқы ҳәм исбилерменлери ушын өз алдына жеңилликлер берилмекте. Мине, усындай жаратылған қосымша имканиятларды бүгин халқымыздың ҳәр бир ўәкили ѳз турмысында сезинип атыр, десек қәтелеспеймиз.
Анық мысаллар менен атап ѳтетуғын болсақ Президентимиздиӊ 2022-жыл
31-августтеги Қарақалпақстанда исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтыӊ абаданлығын арттырыў илажлары ҳаққындағы 213-санлы тарийхый пәрманы қабыл етилип, усы тийкарда бир қатар жеңиллик ҳәм преференциялар берилди. Атап айтқанда исбилерменлик субъектлерине 2028-жыл 1-январьға шекем пайда салығы, айланбадан алынатуғын салық, юридикалық шахслардыӊ мал-мүлк ҳәм жер салығы бойынша салық ставкалары 2 есеге кемейттилип, социаллық салық муғдарлары кемейттирилип, 1 процент етип белгиленди. Нәтийжеде усы күнге шекем жәми 567 млрд. 536 млн.сум қаржы 17 мыңнан аслам исбилерменлер ықтыярында қалдырылды. Усының есабынан өз бизнесин раўажландырыўына, жаңа қуўатлылықларды иске түсириўине ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға тийкар жаратылды. Қарақалпақстанлы жаслар ушын республикамыздағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына ажыратылған қосымша квоталар тийкарында 31 мыңға жақын жаслар студент болыў бахтына мияссар болды.
-Ата-анам қайтыс болып, ажағамның қарамағында қалған едим,-дейди жерлесимиз Гүлмира Аметова. Ажағам, үкелерим менен қыйын жағдайда қалдық. Жоқары оқыў орнына тапсырдым, бирақ әўметим болмай кире алмадым. Ҳүрметли Президентимиздиң республикамыз жасларын қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде жақында университетке мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылландым. Бул хош хабар мениң өмириме үлкен бахытлы күнлерди инам етти.
2022-жыл 15-сентябрьден баслап пенсия ҳәм напақа алыўшылар, майыплығы болған шахслар ушын темир жол ҳәм авиа-билетлериниң баҳасы 2 есеге арзанласытырылып берилиўи нәтийжесинде ҳәр жылы мың-мыңлап пуқараларымыз бул жеңилликтен пайдаланып келмекте.
Президентимиз тәрепинен ҳар қандай қарар, пәрман қабыл етилсе де Қарақалпақстанға айрықша итибар қаратылып, регионымыз халқы ҳәм исбилерменлери ушын өз алдына жеңилликлер берилмекте. Мине, усындай жаратылған қосымша имканиятларды бүгин халқымыздың ҳәр бир ўәкили ѳз турмысында сезинип атыр, десек қәтелеспеймиз.
Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы менен Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 6-сентябрьдеги қарары тийкарында (500-санлы) 2023-2028-жылларда 4 955 км топырақ жолларға қум-шебен араласпасын тѳсеў ушын 795 млрд. сум қаржы ажыратыў белгиленген болып, бүгинги күнде 935 км топырақ жоллар жақсыланып, бул жумыслар даўам еттирилмекте. Қалаберсе, Министрлер Кабинетиниӊ 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы Қарары менен қала ҳәм районларға бириктирилген ўәлаятлар менен биргеликте улыўма 21 мыңнан аслам турақ-жайлардыӊ төбесин шиферлаў ҳәмде авариялық жағдайдағы, жасаў ушын жарамсыз болған 709 турақ-жайларды жаӊадан қурыў белгиленди. Соннан, бүгинги күнде 17 мыңнан аслам турақ-жайлар шиферланып, 326 турақ-жай жаңадан қурылды. Сондай-ақ, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала ҳәм Төрткүл районларындағы 2 мыӊ километр топырақ жолларға қум-шебен тѳсеў белгиленди. Бүгинги күнде бул районлардағы 341 км ишки жолларға ЩПС тѳселип, халқымыз ушын қолайлы шараятлар жаратылмақта.
Булардан тысқары, елимиздиң туристлик потенциалын арттырыў, бул арқалы экономикамыздың раўажланыўына, туризмди раўажландырыўға, сырт елден келиўши мийманларға қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Буның әмелий нәтийжеси сыпатында «Нөкис – Мойнақ», «Нѳкис – Алмата» ҳәм «Нѳкис – Ақтаў» жөнелислери бойынша авиа-қатнаўлардың, сондай-ақ, «Нѳкис – Манғыстаў» ҳәм «Нѳкис – Ургенч» жѳнелисинде поезд қатнаўының жолға қойылғанын атап өтсек болады.
Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң «Арал мәденияты саммитин жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, Президент Админстрациясы баслығы С.Мирзиёеваның басламсы менен Биринши Арал мәденияты саммити, Самарқанд климат форумы менен бирлескен ҳалда Самарқанд ҳәм Нөкис қалаларында жоқары дәрежеде өткерилди. Пайтахтымыздағы “Аққуў” комплексинде қатнасқан сырт елли илипазлар, экологлар, жазыўшы ҳәм журналистлер форум ҳаққында өзлериниң унамлы пикирлерин билдирди.
– Бул Қарақалпақстанға үшинши мәрте сапарым. Алдын Мойнақ районында да болғанман ҳәм бул үлке маған оғада унап қалды. Мениң кәсибим аграр тараўы менен байланыслы болғанлықтан климат өзгериўине байланыслы ҳәр бир мәселе ҳәм машқала оғада әҳмийетли деп ойлайман. Өзимниң Аралға болған муҳаббатым жәмленген «Айтылмаған әңгимелер» атлы китабымды да баспадан шығарғанман. Аймақта жасларға қаратылған итибарды көрип оғада қуўандым. Әсиресе, социал тармақлар арқалы Гиннестиң рекордлар китабына киргизилген «Аққуў комплекси» н көриў менде үлкен қызығыўшылық оятқан еди. Мине бул жерди өз көзим менен көрип қуўанып атырман. Жүдә әжайып, жүдә гөззал,-дейди Уллы Британиялы жазыўшы ҳәм журналист Филип Моган.
Елимиз экономикасын беккемлеўде ҳәм халқымыздың турмыс шараятын жақсылаўда әҳмийетли орын тутатуғын бундай жойбарларды ҳәр бир район мысалында кѳплеп келтириўимизге болады.
Президентимиздиң арнаўлы қарары менен Қоңырат ҳәм Шымбай районларын комплекс раўажландырыў мақсетинде 28 социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде қурылыс оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Әҳмийетли тәрепи, 2025-жыл 8-октябрьде қабыл етилген Президент қарары менен бул районларға “Жаңа Ѳзбекстан келбетиндеги район” статусы берилди. Сондай-ақ, Қоңырат ҳәм Шымбай районларында алып барылып атырған 140 млрд. сумлық әмелий жумысларға қосымша 2026-жылда және 60 млрд.сум ажыратыў белгиленди. Буннан тысқары, қала орталығын ҳәм жасаў шараятларын аўыллық жерлерге алып кириў мақсетинде қала ҳәм районларымыздағы 32 мәҳәллеге «Жаңа Ѳзбекстан келбетиндеги мәҳәлле» статусын бериў ҳәм коплекс раўажландырыў бағдарламасы ислеп шығылмақта. Бул мәҳәллелерде әмелий илажларды алып барыў ушын ҳәр-бирине 5 млрд. сумнан жәми 160 млрд. сум қаржы ажарытылыўы нәзерде тутылмақта.
Экономикамыздың жетекши күши болған исбилерменлеримиз тәрепинен соңғы жылларда бир қанша ири жойбарлар әмелге асырылыўы нәтийжесинде турмысымызға жаңаланыўлар кирип келмекте.
Атап айтқанда, Нөкис қаласында баҳасы 50 млн. доллар болған базальт минералынан ыссылық сақлаўшы материаллар ислеп шығарыў кәрханасы иске түсирилди ҳәм жылына 40 мың тонна шекем өним ислеп шығарыў қуўатлылығы, 200 ге жақын жаңа жумыс орны жаратылды. (“Каракалпак базалтвул”). Нөкис қаласында баҳасы 48 ярым млн. доллар болған Пахта ҳәм жасалма таладан ийирилген жип ислеп шығарыў проекти иске түсирилип, жылына 18 мың тонна ийирилген жип ислеп шығарыў қуўатлылығы, 500 ге жақын жумыс орны жаратылды (“ССП технопарк”).
Пайтахтымызда баҳасы 23 ярым млн. долларлық жылына 640 мың метр жылытыў радиаторларын ислеп шығарыўшы кәрхана иске түсирилип, 300 ден аслам турақлы жумыс орны жаратылды (“Остен технолоджис”).
Нөкис қаласында баҳасы 7 млн 300 мың долларлық қуяш панеллерин ислеп шығарыў бойынша проект иске түсирилип, 150 мВт қуяш панеллерин ислеп шығарыў қуўаты жаратылды (”Nukus elektroapparat”), Нөкис қаласында баҳасы130млрд. сумлық заманагөй көринисте Эко базар шөлкемлестирилип, 225 жумыс орыны жаратылды (Уй жай қурылыс). Беруний районында баҳасы 300 млрд. сумлық саўда комплекси шөлкемлестирилип, 300 ге жақын жумыс орынлары жаратылды. (“Аст лидер”). Кегейлиде баҳасы 3 ярым млн. долларлық импорт орнын басыўшы “ДВП” ѳнимлерин ислеп шығарыў жойбары иске түсирилип, жылына 12 мың метр куб ДВП ислеп шығарыў қуўатлылығы, 100 жумыс орны жаратылды (“LANKO MIYA”). Нөкис районында баҳасы 2 ярым млн. доллар болған санаат усылында таўық гөшин ислеп шығарыў жойбары иске түсирилип (“Бройлер Өнимлери” кәрханасы) нәтийжеде жылына 200 тонна таўық гөши жетистирилиўи жолға қойылған болса, Кегейлиде Қусшылық комплекси иске түсирилиўи нәтийжесинде 180 мың бас таўық бағыў, жылына 28 млн.дана мәйек жетистириў қуўаты жаратылды(“Кегейли барака насилли парранда”), Мойнақта улыўма баҳасы 82 млрд.сум болған “Мойнақ ЛДСП” кәрханасында жылына 50 мың метр квадрат ЛДСП ислеп шығарыў қуўаты жаратылып, 230 жумыс орынлары ашылды (Мойнақ ЛДСП).
Мойнақта баҳасы 2 млн.долларлық (Мойнақ минерал тузи), Қоңыратта 1 ярым млн.долларлық (Юлдаш Алихан) дузды қайта ислеў жойбарлары иске түсирилип, 20 мың тонна экстра дуз ҳәмде 3 мың тонна таблетка көринисиндеги дуз ислеп шығарыў жолға қойылды.
Шымбайда 15 млн доллар болған “Ийирилген жип ислеп шығарыў” жойбары иске түсирилип, жылына 4 мың тонна ийрилген жип ислеп шығарыў қуўаты ҳәмде 200 жумыс орны жаратылды (Занг текс). Хожели районында “Балық ЮУК” карханасы тарепинен баҳасы 128 млрд.сумлық балықшылықты раўажландырыу проекти иске түсирилди.
Қараөзектеги “Қарақалпақ цемент” кәрханасында 645 млрд. сумлық қуўатлылықты кеңейтиў илажлары алып барылып, цемент таярлаў имканияты жылына 1 млн. тоннаға жеткерилди.
Әлбетте, булардың барлығы исбилерменлер елимизде жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып атырғанлығын кѳрсетеди.
Исбилерменлеримиз тәрепинен өндирилген өнимлер халықаралық базарларға шығарылыўы бойынша да жумыслар даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласында Қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын өз алдына саўда үйи ашылып, жергиликли өнимлеримиз Қазақстан базарында қарыйдарбап түрде сатылыўы жолға қойылды. Және бир әҳмийетли жаңалықлардан, Қубла Корея мәмлекетинде “Қарақалпақстан – Корея бирге ислесиў орайы”ның жумысы жолға қойылды.
Бүгинги күнде бул орай менен биргеликте Кореялы инвесторларды тартыў, аймағымызға туўрыдан-туўры шет ел инвестицияларын киргизиў, сондай-ақ, оқыў орынларының тәжрибе алмасыўы ҳәм де студент жасларды кәсипке таярлаў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында анық илажлар кѳрилмекте.
Соның менен бирге Елликқала районында “Шох мега строй бизнес” кәрханасы тәрепинен баҳасы 10млрд. сумлық қурылыс материалларын ислеп шығарыў жойбары, шарўашылықты раўажландырыў бағдарында Нөкис районында от-жем гранулаларын ислеп шығарыў жойбары, Төрткүл районында 1 ярым млн. доллар сырт ел инвестициялары тийкарында полиэтилен сетка ислеп шығарыў ҳәм де Әмиўдәрьяда “Қыпшақ”, Хожелиде “Хожели ун” ҳәмде Берунийде “Қыят” брендлери астында ун ислеп шығарыў заводлары иске түсирилди.
Тахтакөпир районында “Каусар Тегирмон” жәмийети тәрепинен шарўашылық ѳнимлерин, жүнди ҳәм сүтти қайта ислеў сыяқлы жойбарлар әмелге асырылды.
Буннан тысқары, Қараөзекте алтын қазып алыў (“Джи Антай”), Нөкис қаласында “Шылпық” бренди менен тазаланған ишимлик суў ислеп шығарыў (“LONG WATER”), Қараөзек, Беруний, Тақыятас ҳәм Елликқалада “Таяр текстил өнимлерин ислеп шығарыў (“Қарақалпақстан Агро Кластер” “Райхан Аппарель”, Сурхан Тахиаташ текстил, “Bostan Denim”,), Хожелиде териден аяқ кийим ислеп шығарыў (“Дослар шуз”) кәрханаларының жумыс баслағаны ҳәм Қоңыратта 3 млн долларлық Халықаралық логистика орайының ашылғаны – бул елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалардың жоқары нәтийжесин аңлатады.
Және бир жақсы жаңалықлардың бири, Нѳкис қаласында сырт ел кәрханасы тәрепинен баҳасы 8 млн. долларлық тери ҳәм аяқ кийим ислеп шығарыў жолға қойылғанлығын айтып ѳтсек арзыйды (“NUKUS TAVRO”).
Итибарлы тәрепи, бүгинги күнде бул кәрхана тәрепинен Италияның дүньяға белгили “Феррари” брендиндеги автомобиллерге тери ѳнимлерин жеткерип берип атырғаны ѳнимлеримиздиң дүнья базарында мүнәсип орнына ийе болып атырғанын кѳрсетеди.
Шарўашылық тараўындағы әҳмийетли жаңалықлардың бири Орайлық Азияда биринши мәрте Хожели районында нәсилли қарамаллардан эмбрион ислеп шығарыў лабораториясы иске түсирилди. Бул лаборатория Жәҳән банкиниң 136 мың долларлық грант қаржылары есабынан сырт еллерден алып келинген заманагөй әсбап-үскенелер менен ҳәм де «Мобиль лаборатория» менен тәмийинленди.
Президентимиздиң 2025-жыл 14-августта «Қарақалпақстанды социал-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды еле де жеделлестириў ҳаққында»ғы
248-санлы және бир тарийхый Қарары қабыл етилип, 2025-2026-жылларда Қарақалпақстанды турақлы социал-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери белгиленди. Қарар талаплары бойынша Қарақалпақстанды раўажландырыў бойынша стратегия тийкарында 2035-жылға шекем 5 жыллық бағдарлама тийкарында әмелге асырылады.
Елимизде әсирлер даўамында түрли миллет ўәкиллери бир халық болып, аўызбиршиликли түрде жасап, елимиз раўажланыўына өзиниң мүнәсип үлесин қосып келмекте. Ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен қайта өмир бағышланған «Белтаў» елатында кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылып, бүгин шын мәнисинде жаңаша келбетине ийе болды. Бул елат жанында «Бөрши таў» төбесинде қурылған, өтмишимизден дерек бериўши, миллийлигимизди өзинде жәмлеген «Тах-төбе» этноаўылы аймаққа және де өзгеше сән, өзгеше шырай бағышламақта. Ол жерде шөлкемлестирилген 70 Қара үй елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң өзлигин сәўлелендирип турған болса, қоңсы аўыл көринисин өзинде жәмлеген 16 пахса үйлер арқалы ата-бабаларымыздың жасаў шараятлары менен жақыннан танысыў имканиятына ийе боламыз. Халқымыз ушын пайызлы дем алыў орнына айланған Тахтакѳпирдеги «Қаратерең» этно-туристлик комплексинен соң бул этно-аўылдың шөлкемлестирлгени көп миллетли халқымыздың аўызбиршилигиниң үлгисин билдириўи менен бирге туристлердиң қызығыўшылығын арттырыўы сөзсиз.
-Усы этноаўылды ашылады деп Қазақстаннан келдим,-дейди буннан жигирма жыл бурын Тахтакөпирден көшип кеткен достым Ләззат Алиева. Этноаўылдың көриниси жүдә зор. Қараүйлердиң арасында қазақ миллетиниң кийиз үйин көрип, күтә қуўандым. Отаў иши жақсы етип безетилген. Аўылымды сағыныппан. Тахтакөпир раўажланып, көркем түске енип кетипти. Бул мени жүдә қуўандырды.
Ҳүрметли Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шѳлкеминиң жоқары минберинде турып дүнья кең жәмийетшилигиниң итибарын бир нешше мәрте Аралбойы регионына қаратыўы нәтийжесинде Арал теңизи машқаласы бүгинги күнде дүнья жәмийетшилигиниң турақлы дыққат орайында болып келмекте. Арал теӊизиниң ултанында жасыл аймақларды кеңейтиў арқалы экологиялық турақлылықты тәмийинлеў илажлары кѳрилип, ѳткен қысқа ўақыт ишинде теңиздиң қурыған ултанында 2 миллион гектарға шамалас майданда «Жасыл қапламалар» пайда етилген болса, быйылғы жылы жәми 300 мыӊ гектар майданға шөлге шыдамлы өсимликлерди егиў нәзерде тутылмақта. Соны да айрықша атап ѳтиўимиз керек, соңғы жыллары усындай жаратылып атырған “Жасыл қаплама”ларды сақлап қалыў, Арал теңизиниң курыған ултанында флора ҳәм фауна орталығын кѳбейттириў бағдарында да бир қатар әмелий жумыслар баслап жиберилди.
Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары даўамында Арал ултанында экологиялық ҳәм илимий изертлеўлер алып барыў және бар болған машқалаларға нәтийжели шешим табыў бойынша ўазыйпалардың берилиўи тийкарында 29-ноябрь күни Арал теңизиниң қурыған ултанында илимий-изертлеў станциясы ашылды. Өткен жыллар даўамында улыўма баҳасы 15,7 миллиард сумлық 17 жойбар қаржыландырылып, усы жылы 57,1 миллиард сумлық 21 жойбар әмелге асырылмақта. Усындай жойбарлар қатарында пайдаланыўға тапсырылған станция экологиялық тиклеў жумысларын нәтийжели қадағалаў, шорға шыдамлы өсимликлердиң өсиўин бақлаў ҳәм нәтийжели илимий изертлеў жумысларын алып барыўда әҳмийетли есапланады. Жаңа илимий-изертлеў станциясы тек ғана тәбиятты қорғаў емес, ал региондағы илимий изертлеўлер ҳәм экологиялық изленислер ушын орай сыпатында хызмет етеди ҳәм Аралбойы аймағының турақлы раўажланыўына мүнәсип үлес қосары сөзсиз.
Сондай-ақ жыңа жыл алдынан пайтахтымызда Спорт гимнастикасы, Бокс ҳәм Гүрес шеберлиги спорт мектеплериниң қурып питкерилгени де спортшы жасларымыз ушын кең имканиятлар есиги болды. Бул жаңа мектеплер жаслардың профессионал спорт пенен шуғылланыў имканиятларын кеңейтип, қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаўға жәрдемлеседи және елимизде күшли спорт резервин қәлиплестиреди. Бул болса, өз гезегинде спортшыларымыздың халықаралық майдандағы абырайын беккемлеўге хызмет етери сөзсиз.
Соңғы жыллары Президентимиздиң итибары менен жаңаша түске енген Бозатаў районында жылына 6 мың пуқараның дем алыўы ҳәм денсаўлығын тиклеўи ушын заманагөй санаторияның қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылыўы халқымыз саламатлығын тиклеўи сақлаў ушын исленген әҳмийетли жойбарлардың бири болды.
Президентимиздиң жасалма интеллект технологияларын буннан былай да раўажландырыў бойынша арнаўлы пәрманына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында баҳасы 100 миллион АҚШ долларынан аслам болған жасалма интеллект инфраструктурасын жаратыў жойбарлары бойынша инвесторларға берилетуғын жеңилликлер ҳәм преференциялардың арнаўлы пакети тастыйықланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 4-сентябрдеги ПП-5809-санлы пәрманына тийкар “Нөкис” еркин экономикалық зонасы жаратылды. Бунда, барлық инфраструктура шараятлары, салық ҳәм бажыхана жеңилликлери, исбилерменлер ушын басқада қолайлықларға ийе арнаўлы орын шөлкемлестирилди. Бул баслама, Қарақалпақстанда санаат тараўын раўажландырып, ислеп шығарыў көлемин арттырыў ҳәм экспорт базарларын өзлестириў, сондай-ақ, жергиликли ҳәм де сырт ел инвестицияларын тартыў нәтийжесинде жаңадан кәрхана ҳәм жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратып халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаўға хызмет етери сөзсиз.
Дерлик 75 млрд. сум қаржы есабынан реконструкция жумыслары исленип Нѳкис қаласы халқын таза ишимлик суў менен тәмийинлеўши “Нѳкис суў тазалаў” объектиниң пайдаланыўға тапсырылыўы быйылғы жылы пайтахтымыз турғынлары ушын үлкен жаңалықлардың бири болды. Бундай ийгиликли жумыслар Нөкис районында даўам еттирилип, ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында Азия раўажланыў банкиниң 11 ярым млн доллар қаржылары есабынан: 263 км ишимлик суў тармақлары тартылыўы арқалы 31 мыңнан аслам халықтың таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи жақсыланып райондағы «Мәденият», «Абадан» ҳәм «Кердер» насос станциялары, районлық суў тәмийнаты кәрханасының 2 этажлы жаңа имараты, заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген лаборатория қурып питкерилди. Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде Нѳкис районы халқын ишимлик суў менен тәмийинлеў дәрежеси алдынғы 68,4 проценттен – 90 процентке жеткерилиўине ерисилди.
Соның менен бирге, халқымыздың турмыс шараятын жақсылаўда жаңадан қурылып атырған турақ жайлардың да тутқан орны әҳмийетли саналады. Мине, ѳткен 3 жылдың ѳзинде жәми 147 көп қабатлы турақ-жай пайдаланыўға тапсырылған болса, соның ишинде, Кегейли, Қанлыкөл ҳәм Қараөзек районларындағы «Жаңа Өзбекстан» массивлеринде 678 квартиралы 23 көп қабатлы турақ-жайлар қурып питкерилди.
Соны да атап ѳтиўимиз керек, халықты заманагѳй турақ жайлар менен тәмийинлеў бағдарында жаратылған қолайлықлар нәтийжесинде 1734 пуқараға 53 млрд. 400 млн. сумлық субсидия қаржылары ажыратылып, басланғыш тѳлемлери тѳлеп берилди.
Халқымыздың саламатлығын сақлаўда әҳмийетли орын тутатуғын жойбарлар ҳаққында айтар болсақ, Бирлескен Араб Әмирлигиниң «Шейх Халифа» фонды тǝрепинен баҳасы 28 млн. долларлық «Ана ҳǝм бала» клиникасының қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында турыпты.
Сондай-ақ, қытайлы инвесторлар менен Нѳкис қаласында баҳасы 16 млн. долларлық Көп тармақлы медицина орайын қурыў илажлары көрилип атырғаны, дерлик 45 млрд. сумлық қаржы есабынан Республикалық Онкология медицина орайының имараты жаңадан қурылып атырғаны, буннан тысқары, Қарақалпақстанда илимий-әмелий медицина академиясын шөлкемлестириў жумысларының алып барылып атырғаны тараў ҳәм халқымыз турмысында жүз берип атырған әҳмийетли ўақыялардан саналады.
Халықтың саламатлығын беккемлеў, медициналық хызмет көлемин кеңейтиў ҳәм орынларда тәжирийбели қәнигелердиң қатнасыўында әмелий медициналық жәрдем көрсетиў мақсетинде тиккелей Президент Администрациясы басшысының басламасы менен усы жылдың октябрь айында Нөкис қаласында “Саламатлық марафоны” өткерилди. Усы Марафон шеңберинде улыўма 206 мыңнан аслам пуқараларға 341 мыңнан аслам медициналық хызметлер кѳрсетилди.
Тексериўлер нәтийжесинде 37 мыңға жақын пуқараларда түрли кеселлик белгилери анықланып, олар қәнигелер тексериўинен өткерилди ҳәм 76 мыңға жақын диагностика әмелге асырылды. Созылмалы кеселлиги бар 17 мың 360 пуқара реже шеңберинде тексериўден өтти. Соннан 983 пуқара стационар емлеўге қабыл етилип, 252 наўқасқа қурамалы хирургиялық операциялар исленди.
Халқымыздың саламатлығын сақлаў бағдарында әмелге асырылған бул жойбардан миннетдар болған Нөкис қаласы Нәўпир МПЖ турғыны, мийнет ветераны О. Даўекеев былай дейди:
-Жоқары қан басымы кеселлиги менен бираз жыллардан берли наўқасланып қыйналып жүрген едим. “Саламатлық марафоны” на келген ташкентли шыпакерлерге барып көриндим. Жүрегиме бийпул эндоскопиялық тексериў өткерилди. Тийисли көрсетпелер бойынша емлендим. Ҳәзир жағдайым жақсы.
Булардан тысқары, халықтың тиккелей кеўил-кейпиятына тәсир етип атырған машқалаларға да шешим табылмақта. Атап айтқанда Хожели районы «Сарышүнгил» мәҳәллесиндеги Таўша елаты, «Жаңажап» ҳәм «Күн нуры» мәҳәлллеринде термиттен зыян көрип, 147 үйде жасап атырған пуқаралар менен Президент Админстрациясы басшысы жеке өзи келип, ушырасты ҳәм пуқараларды басқа орынға көшириў ушын бюджеттен 33 млрд.сум қаржы ажыратылды. Тақыятас районындағы 1950-1955-жылларда Тақыятас ТЭС-тиң қурылысында ағаштан жатақхана сыпатында қурылған 90 барак үйлерде жасаўшы турмыс шараяты аўыр шаңарақларды көшириў жумыслары алып барылмақта. Усы райондағы социаллық үйде 4 млрд. сум қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып, бул шаңарақлар усы жердеги квартираларға кѳширилмекте. Буннан тысқары, ренновация бағдарламасы тийкарында Тақыятастағы авариялық жағдайға келип қалған кѳп квартиралы 19 турақ жай бузылды ҳәм де бул орында жасаўшы 264 шаңараққа 25 млрд. сўмлық компенсация қаржылары төлеп берилди.
Қоңырат районындағы узақта жайласқан Бостан посёлкасындағы жайлар авариялық жағдайға келип қалған 32 квартиралы көп қабатлы турақ-жайлар бузылып, жергиликли бюджеттиң қосымша дереклери есабынан 2 млрд 195 млн сум компенсация қаржылары ажыратылды ҳәм жаңа үйлерге көширилди.
«Жаслық» посёлкасында авариялық жағдайындағы ҳәм пүткиллей ескирген көп квартиралы үйлерди реновация етиў бағдарында 35 млрд сум ажыратылып, нәтийжеде жаңадан қурылған 5 қабатлы 180 квартиралы турақ-жайлар пуқараларға бийпул тапсырылды.
Қалаберсе, “Қарақалпақстан” посёлкасында қәўендерлик қаржылары есабынан улыўма баҳасы 6 ярым млрд.сум болған туўыў бѳлими қурылды ҳәм үскенелер менен тәмийинленди.
Бозатаў районындағы көше бийлери менен өткерилген ушырасыўда Әмиўдәрьяға понтон көпирин қурыў бойынша көтерилген мәселе де унамлы шешимин таўды, яғный, Бозатаў ҳәм арқа районларды тиккелей Қоңырат районы менен байланыстырыўшы кѳпир пайдаланыўға тапсырылды.
Буның нәтийжесинде Бозатаўдан Қоңыратқа ҳәзирги 180 кмден аслам қатнаў аралығы қысқарды.
Мәмлекетимиз басшысының «Атақлы қарақалпақ шайыры ҳәм уллы ойшылы Әжинияз Қосыбай улының туўылғанының 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында классик әдебиятымыздың кѳрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы халықаралық көлемде, жоқары дәрежеде белгилениўи кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлады.
Қалаберсе, усы қарарда белгиленген ўазыйпалар тийкарында шайырдыӊ «Таңламалы шығармалары” бир нешше тиллерде баспадан шығарылып, өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған саҳналық шығармалар ҳәмде «Әжинияз» көркем-публицистикалық фильми жаратылды.
Соны да айрықша атап ѳтиў керек, уллы ойшыл ҳәм энциклопедист илимпаз, биринши Ренессанс дәўириниң уллы алымы Әбиў Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығы ЮНЕСКО шаффелигинде халықаралық көлемде кең түрде белгиленди.
Барлық тараўлар қатарында мәденият тараўына қаратылған итибар нәтийжесинде Президентимиздиӊ 2023-жыл 10-июльдеги «Қарақалпақстанда Мәдениятты қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Қарары тийкарында Министрлер Кеӊеси жанында Мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилди ҳәм мәмлекет бюджетинен 20 млрд сум ажыратылды. «Айқулаш» ҳәм «Мақом» ансамбли, Қуўыршақ театры, сондай-ақ, барлық мәденият бөлимлерине Президент саўғасы – заманагөй автотранспорт қураллары тапсырылды.
Сондай-ақ, мәденият бөлимлери жанындағы Халық ансамбллери ҳәм театр жәмәәтлери зәрүрли әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Соның менен бирге, дерлик 6 ярым млрд. сум қаржы есабынан “Қарақалпақфильм” киностудиясы имаратында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып, зəрүр техника ҳəм инвентарлар менен тəмийинленди. Бундай жаратылған имканиятлар нəтийжесинде быйылғы жылы “Қарабай” кинокомедиясы сүўретке алынып, кинокомедияның премьерасы болып өтти. Сондай-ақ, бугинги күнде “Муғаллим” фильми, “Гүлайым” ҳəм “Қырық қыз” тарийхый фильмлери сүўретке алынбақта.
Бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумыслар қатарында Тебинбулақ кәни негизинде жылына 58 млн. тонна темир рудасын қазып алыўды жолға қойыўшы завод қурылысы даўам еттирилип атырғанлығын, Халықтың, әсиресе, экономикалық тармақлардың энергия ресурсларына болған талабын жақсылаў мақсетинде «Аква пауэр» компаниясы менен биргеликте Қоңырат, Қараөзек ҳәм Берунийде қуўатлылығы 7,2 мың мегаваттлық баҳасы 8 млрд. 600 млн. доллар болған гигант самал электр станциялары қурылып атырғанлығын айрықша атап өтиў орынлы.
Сондай-ақ, Мойнақ районында Сүргил кәнинде баҳасы 40 млн. долларлық компрессор станциясын қурыў илажлары кѳрилип атырған болса(Өзбекнефьтгаз), Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында нефть-газ тараўында улыўма баҳасы 200 млн. долларлық 4 жойбар әмелге асырылмақта.
Усылар менен бир қатарда, бүгинги күнде республикамыз бойынша кең көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары даўам еттирилмекте. Быйылғы жылы барлық мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жәми 900 ден аслам объектте дерлик 4 трлн.сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Қалаберсе, «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбары тийкарында «Ислам раўажланыў банки» ҳәм ОПЕК халықаралық раўажландырыў фондының 246 млрд. сумлық қаржылары есабынан 35 социаллық тараў ҳәм 12 мәҳәлле хызмет көрсетиў орайларын жаңадан қурыў жумыслары алып барылмақта.
107 млрд. сум есабынан «Туран» стадионы халықаралық талапларға жуўап беретуғын заманагѳй кѳриниске келтирилип атырған болса, 6 млрд. сум қаржы есабынан «Баспасѳз үйи» имаратында капитал оңлаў жумыслары жуўмақланбақта. Төрткүл районында 15 млрд. сўм қаржы есабынан жаңадан Амфитеатр қурылмақта. Нөкис қаласында “Өзтелеком”ның 7 этажлық имаратында баҳасы 8 млрд. сумлық реконструкция жумыслары алып барылмақта. 196 километрлик «Мискин – Нөкис» тез журер поездының темир жол линиясын толық электрлестириў даўам еттирилмекте.
Экономиканың қан тамырлары есапланған жолларды қурыў ҳәм қайта оңлаў жумыслары республикамызда жеделлик пенен алып барылып атырғанын айрықша атап өтиў орынлы. Солар қатарында А-380 автомобиль жолының Қараѳзек, Әмиўдәрья, Беруний районларын ѳтиўши 50 км аралығында Азия раўажланыў банкиниң 49 млн. доллар ҳәм бюджеттиң 138 млрд. сумлық қаржылары есабынан асфальтлаў ҳәм бетонластырыў жумыслары алып барылып атырған болса, усы халық аралық автомобиль жолының Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Хожели районларынан өтиўши 41 км аралығын (765-806 км бөлеги) реконструкция қылыў жумысларының жойбарлаў сметалық ҳүжжетлерин ислеп шығыў ушын қаржы ажыратылып, әмелий жумыслар басланды. Сондай-ақ, Тѳрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районларынан ѳтиўши А-380 автомобиль жолының 92 км аралығында реконструкциялаў жумыслары да басланбақта. Пайтахтымыз, районлар, мәҳәллелер, ең шетки аймақлардағы жолларды қурыў ҳәм қум, шағыл тас араласпасын төсеў жумыслары алып барылыў қызғын даўам етпекте.
Жыл алдынан бир қатар социаллық объектлер пайдаланыўға тапсырылып, халқымыздың қуўанышына қуўаныш қосылмақта. Нөкис қаласында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде әҳмийетли орын тутатуғын улыўма баҳасы 48,5 млн. доллар болған, жылына 18 мың тонна ийирилген жип ислеп шығарыў қуўате ҳәм 400 жумыс орнын жарататуғын «Нөкис ССП Технопарк» кәрханасы иске түсирилген болса, Нөкис қаласында 200 орынлы “Рамада” мийманхана пайдаланыўға тапсырылды.
Инсанның қәдир-қымбаты барлық нәрседен үстин туратуғын елимизде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының буйрығы тийкарында республикамыздағы ата-анасынан айрылған жасларды турақ жайлар менен тәминлениў жумыслары жаңа жыл байрамы алдында даўам етпекте. Ҳүрметли Президентимиздиң “Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў илажлары ҳаққында”ғы Қарарының орынланыўы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасында жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар ийгиликли жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, жуўмақланып атырған 2025-жыл даўамында Қарақалпақстан бойынша жәми 86 жас заманагөй, барлық қолайлықларға ийе турақ жайлар менен тәмийинленди. Бул болса жасларды социаллық қорғаўды күшейтиў, олардың еркин турмысқа қәдем қойыўы ҳәм келешек жобаларын әмелге асырыўында беккем тийкар болып хызмет етпекте.
-Быйыл жоқары оқыў орынына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылландым. Ата-анам болмағанлықтан кепир апамның қәўендерлигиндемен. Жаңа үй менен тәмийнленгеним ушын Президентимизге, ел басшыларына миннетдаршылығым шексиз. Бул итибарды келешекте елимизге мүнәсип хызметлерим менен қайтарыўға ҳәрекет етемен,-дейди Хожели районында жасаўшы Дилшода Хожаназарова.
Буннан бир неше жыллар алдын журналисттиң қәлемине илинип, объективине мөрленетуғын жаңалықлар санаўлы ғана еди. Бүгин Қарақалпақстанда алып барлып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумыслар нәтийжесинде журналист ушын жаңалықларды бир “уўыс” мақаласында сыйдырыўдың мүмкиншилиги жоқ. Биз республикамыздағы соңғы жылларды ҳәм өтип баратырған 2025-жылда әмелге асырылған жумыслардың төрттен бирин ғана сөз еттик. Ҳәр күни, ҳәр саатта болып атырған жаңаланыўлар келеси жаңа жылда да даўам етери сөзсиз.
Мине, және бир жыл изде қалмақта. Жасымызға жас қосып өтмишке айланып атырған жыл, елимизде ҳәр бир тараўда табыслар, мол жаңалықлар менен өз жуўмағына жетпекте. Кимдур перзентин үйлендирип той берсе, кимдур ақлықлы болды, және кимлер жаңа имаратқа көшип өтти. Илим жолындағы жасларымыз илимге жаңалық қосып, бир неше спортшыларымыз жәҳән ареналарында елимиздиң байрағын көклерде желбиретти. Ал, енди биз санаўлы саатлардан соң инсанның неше мың жыллық досты болған жылқы жылын күтип аламыз. Ар-намыс ушын бәйгилерде төрт аяғы тыпыр-тыпыр болып, жаў майданларында ер жигиттиң опадар достысына айланып “суўлығы менен суў ишкен” жәниўардың тәрийпин биз дәстанлардан жақсы билгенлигимизден бул жылдан күтеримиз көп. Елдиң дәўлети жылқы жылында да толып-тасып, биз аманшылықта, тынышлықта, аўызбиршиликте өмирди даўам етемиз деген нийет пенен мақаламызға жуўмақ жасаймыз.

Жыллар жазып барар жылнамаға елдиң дәўлетин. Елимиздиң дәўлети тарийхларда қалғандай мәңгиге болғай.
Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы