Халқымыз ушын умытылмас, тарийхый ўақыя болды…

Мүнәсибет
2025-жыл декабрь айының 8-13-күнлери аралығында Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў бойынша Ҳүкиметлер аралық комитетиниң XX сессиясы болып өтти. Усы сессияда 187 мәмлекеттен мыңға шамалас адам қатнасты. Соның ишинде халқымыздың материаллық емес мәдений мийрасларынан еки элемент ЮНЕСКОның инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасының дизимине кирди. Өзбекстан Республикасынан усынылған «Қобыз ҳәм жыраў атқарыўшылық көркем өнери» (миллий) жеделлик пенен қорғаўға алыныўы керек болған мәдений мийрас дизимине киргизиў ҳаққындағы қарары халықаралық шөлкемниң комиссиясында бир даўыстан қабыл етилди. 11-декабрь күни халықаралық номинацияға яғный инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасының репрезентатив дизимине Қарақалпақстаннан қара үйди соғыў, қурыў ҳәм оған байланыслы билим ҳәм көнликпелер, қобыз музыкалық әсбабымыз кирди. Бир мәмлекеттен еки элементтиң дизимге киргизилиўи тарийхта шенде-шен болатуғын қубылыс болып табылады. Бул бизлер ушын айрықша тарийхый, умытылмас, қуўанышлы ўақыя болды. Бундай қубылысқа гүўа болыўымыз, бунда азырақ болса да үлесимиз тийип атырғанынан айрықша қуўанышқа бөленип, толқынланып атырман.
Бул сессияға Өзбекстан делегациясы қурамында Ташкент қаласынан музыкатаныўшы, профессор Оразалы Ташматов, қалаберди, Өзбекстанның ЮНЕСКОдағы елшиси, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, Мәденият министри, министрликтиң материаллық емес мәдений мийрас бойынша бөлим баслығы, Өзбекстан халық жыраўы Бақберген Сырымбетов ҳәм оның шәкирти «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Дәўранбек Ендирбаев, қобыз әсбабын соғатуғын уста Марат Жақсымуратов, қара үй устасы, шымбайлы Азамат Төрекеев ҳәм ЮНЕСКОның ўәкили сыпатында И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейиниң директоры Гүлбәҳәр Изентаева қатнасты.
Соны да айрықша атап өтиў керек, халқымыздың бай мәдений мийрасларынан усы еки элементтиң ЮНЕСКО дизимине кириўи бийкардан-бийкар болып атырғаны жоқ. Булардың барлығы Президентимиздиң қарақалпақ халқының әсирлер даўамында жетип келген өзине тән мәдений мийрасларын сақлаў, изертлеў, үйрениў, оны жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм жәҳән көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратып атырған айрықша итибарының нәтийжеси болып табылады. Усы ўазыйпаларды кеңнен енгизиў мақсетинде Президент администрациясы басшысы тәрепинен де системалы ҳәм әмелий жумыслар жолға қойылды. Тараўды раўажландырыўға қаратылған бағдарламалар ислеп шығылып, миллий-мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў, оны илимий үйрениў ҳәм халықаралық майданларда мүнәсип таныстырыў бойынша анық илажлар белгиленди. Буның ушын қуўанышлымыз, миннетдармыз.
Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалары қатарында, сондай-ақ, материаллық емес, мәдений мийрасты изертлеўге қаратылған арнаўлы қарарында оғада көп ўазыйпалар белгилеп берилди. Солардың биреўи қобыз ҳәм қара үйди үйрениў, үгит-нәсиятлаў ҳәм ЮНЕСКОның дизимине киргизиў ўазыйпасы әжайып түрде әмелге асты. Енди алдымызда дәстанларымызды жыйнаў, изертлеў, баспадан шығарыў сыяқлы жумыслар турыпты. Ҳәзирдиң өзинде ЮНЕСКОның дизимине басқа да элементлерди қосыў үстинде жумыслар алып бармақтамыз.
ЮНЕСКОның жәҳән мәдений мийраслары дизимине және Өзбекстанның жүдә көп тарийхый, археологиялық естеликлери, қалалары, мәселен, Хийўа, Бухара, Самарқанд, Шахрисабз киргизилген. Қарақалпақстанда да усындай қалалар, көплеген археологиялық, архитектуралық естеликлеримиз бар. Соларды ЮНЕСКОның жәҳән мәдений мийрасы дизимине киргизиў ушын жумыслар алып барылмақта. Бул да үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, ЮНЕСКОның дизимине киргизилгени биринши гезекте оның тарийхый, руўхый ҳәм мәдений қәдирият сыпатындағы орнының халықаралық дәрежедеги тән алыныўы болып табылады. Сондай-ақ, мәмлекетте усы мәдений мийрасқа дыққат-итибар күшейеди, оны раўажландырыў жумыслары қолға алынады. Қалаберди, бундай объектлер туристлердиң ағымын арттырыўға тийкар жаратады. Мәселен, көпшилик мәмлекетлерде ЮНЕСКОның объектлерине өз алдына туристлик маршрутлар ашылған.
Қобыз музыкалық әсбабының жеделлик пенен қорғаўға мүтәж объект сыпатында ЮНЕСКОның дизимине киргизилиўи Қарақалпақстанда, қалаберди, Өзбекстанда қобызды ислеп шығарыўға мәмлекетлик итибардың күшейиўине илимий тийкар ҳәм кепил болып хызмет етеди. Енди миллий музыка мәдениятының ажыралмас бөлеги болған қобыз соғыў дәстүрлери ҳәм жыраўшылық көркем өнерин заманагөй және илимий-әмелий тийкарларда раўажландырыў, жас әўладтың санасына сиңдириў, халықаралық көлемде ғалаба ен жайдырыў мәселелерине дыққат-итибар күшейтиледи. Бүгинги күнде тилекке қарсы бир ғана уста Атамурат устаның әўлады Марат Жақсымуратов бүгинги күнде жыраўларымыз ушын қобыз соғып келмекте.
Әҳмийетлиси, елимизде, соның ишинде, Қарақалпақстанда ЮНЕСКОның дизимине киргизиўге ылайық мәдений мийрасларымыз оғада көп.
Мақсет Қарлыбаев,
Тарийх илимлериниң докторы, профессор.
Қарақалпақстан хабар агентлиги