Спортшылар жылды қалай жуўмақламақта?: 2025-жылға қысқаша шолыў

Мине көзди ашып жумғанша 2025-жыл менен хошласпақтамыз. Өтип баратырған ҳәр бир күнимиз халқымызды жаңа жылға қарай басламақта. Артта қалып атырған жыл да барлық тараўлар сыяқлы, билимлендириў, спорт, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында да үлкен жетискенликлер қолға киргизилди.
Бизлер тараў пидайылары, жаслар ҳәм спортшыларымыз тәрепинен қолға киргизилген табысларға қысқаша шолыў жасаймыз.
2025-жылдың январь айында Колумбияның Богота қаласында қылышласыў спортының сабля түри бойынша 20 жасқа шекемги спортшылар арасында жәҳән кубоги жарыслары болып өтти ҳәм онда жерлесимиз Муса Аймуратов жарыс жеңимпазына айланды. Ал, усы жарысқа қатнасқан және бир жерлесимиз Алпамыс Орақбаев қола медалын қолға киргизди.
Сондай-ақ, бул чемпионатта Өзбекстан сайланды командасы ағзалары командалық беллесиўлерде де табыслы қатнасып, алтын медальды қолға киргизиўге миясар болды.
Атап айтқанда, Наргиза Жақсыбаева, Аякөз Жумамуратова, Самира Шокировадан ибарат қызларымыз финалда мексикалыларды 45:20, Сардор Абдукаримбеков, Муса Аймуратов ҳәм Алпамыс Орақбаев қурамындағы жигитлеримиз де майдан ийелерин 45:28 есабында жеңип шығыўға еристи ҳәм жәҳән кубогиниң алтын медальлары менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы